Елимизде әмелге асырылып атырған кең көлемли реформалардың, усы бағдардағы жумысларды жеделлестириў мақсетинде қабыл етилип атырған қарарлардың орынланыўы, ири жойбарлардың әмелге асырылыўы жуўапкер министрликлер менен шөлкемлердиң, депутатлардың қадағалаўына алынған.
Бажыхана комитети Бажыхана аудити басқармасының жуўаплы хызметкерлери тәрепинен Қарақалпақстан Республикасында әмелге асырылып атырған инвестициялық ҳәм азық-аўқат бойынша жойбарлардың барысы үйренилип, орын алған машқалаларды сапластырыў илажлары көрилмекте.
Мойнақ районында жайласқан дузды қайта ислеў менен шуғылланатуғын жәмийет ҳәзирги ўақытта “Дуз ислеп шығарыў кәрханасын шөлкемлестириў” жойбары үстинде ислемекте. Баҳасы 19,4 млрд. сумлық бул жойбар толық иске түскеннен кейин 40 жаңа жумыс орынлары жаратылады.
Улыўма баҳасы 62 миллиард сумлық Нөкис районындағы жуўапкершилиги шекленген жәмийетлериниң бири тәрепинен қус гөшин жетистириў ҳәм азықлық жем ислеп шығарыў жойбарын үйрениў шеңберинде жойбардың белгиленген мүддетте иске түсирилиўи мәселелери талқыланды. Жойбар толық иске түскеннен кейин 10 мың тонна таўық гөшин жетистириў қуўатлылығына ийе болатуғын бул кәрхана тағы 50 адамды турақлы жумыс пенен тәмийинлейди.
Гезектеги мәнзилде жуўапкерлер “Бажыхана қоймаханасы” бажыхана режиминде турған товарлардың жуўмақлаўшы режимге айланбай атырғанлығының себеплерин исбилерменлик субъектлери менен талқылады. Бундай жағдайларды өз ўақтында сапластырыў бойынша илажлар көрилетуғын болды.
Бул бағдардағы жумыслар даўам етпекте.
Ә.Жийемуратов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги