Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2024-жыл 16-июльдеги «Белгили қарақалпақ шайыры ҳәм ойшылы Әжинияз Қосыбай улы туўылған күниниң 200 жыллығын кеңнен белгилеў ҳаққында»ғы қарарының орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде, мәмлекетимиздиң барлық аймақларында илимий-әмелий әнжуманлар, әдебий кешелер ҳәм таңлаўлар өткерилип келинбекте.
Усындай илажлардың бири Кегейли районында болып өтти. Районлық мәлимлеме-китапхана орайында мектеп китапханашылары арасында өткерилген «Ең жақсы китапқумар қәниге» таңлаўында орай директоры Ақсүңгил Ешбаева ҳәм Руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық орайының районлық бөлими баслығы Базарбай Матеков Әжинияз Қосыбай улының түркий халықлар әдебиятында тутқан орны ҳәм әҳмийети ҳаққында айтып өтип, таңлаў шәртлери менен жақыннан таныстырды.
Атап айтқанда, қатнасыўшылар әдебий оқыў, жазыўшы К.Султановтың «Әжинияз» романы бойынша сораў-жуўаплар ҳәм Мен усынған әдебий китап шәртлери бойынша өз-ара жарысқа түсти.
Қызықлы өткен таңлаў соңында, 12-санлы улыўма орта билим бериў мектебиниң китапханашысы Нилуфар Толыбаева биринши, 17-санлы мектеп китапханашысы Сапаргүл Есемуратова екинши ҳәм 39-санлы мектеп китапханашысы Пәрўазхан Нурхасова үшинши орынларды ийелеўге миясар болды.
Таңлаў жуўмағында, жеңимпазлар шөлкемлестириўшилер тәрепинен таярланған Ҳүрмет жарлығы ҳәм естелик саўғалар менен сыйлықланды.
Адилбай Оразов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы