Өзбекстан Саӯда-санаат палатасы Қарақалпакстан Республикасы басқармасы тәрепинен Қарақалпақстан Республикасында экспорт көлемин арттырыӯ бойынша экспортёр ҳәм экспорт пенен шуғылланыӯды қәлеӯши исбилерменлер ушын ашық сәӯбет шөлкемлестирилди. Онда тийисли тараў ўәкиллери, 50 ден аслам исбилермен ҳәм фермерлер қатнасты.
Илажда басқарма баслығы К.Артыков шығып сөйлеп, елимизде ислеп шығарылған өнимлерди экспорт етиӯ бойынша Президентимиз тәрепинен елимизде, соның ишинде, қарақалпақстанлы исбилерменлер ушын белгилеп берилген жеӊилликлер, жаратылып атырған қолайлықлар ҳаққында мағлыўмат берди.
Атап өтилгениндей, республикамызда ислеп шығарылып атырған өнимлерди экспорт етиўди көбейтиў, бул бағдарда бирге ислесиў экономикамыздың еле де раўажланыўына кең мүмкиншилик жаратады.
Ашық сәўбетти шөлкемлестириӯден тийкарғы мақсет – республикамызда жумыс ислеп турған экпортёр ҳәм экспорт пенен шуғылланыӯды қәлеӯши исбилерменлерди буннан былай да қоллап-қуӯатлаӯ, олардыӊ қатарын еле де арттырыӯ, сондай-ақ, өнимлерди экспорт етиӯде белгиленген жеӊилликлер ҳаққында толық хабардар етиӯден ибарат.
Илажда исбилерменлер экспортты әмелге асырыў басқышлары, талап етилетуғын ҳүжжетлер, бажыхана ҳәм салық тараўы бойынша белгиленген жеңилликлер, экспортқа бағдарланған өнимлер ушын қойылатуғын талаплар ҳәм басқа да бағдарларда өзлерин қызықтырған сораўларға жуўап алды.
Қарақалпақстан хабар агентлиги