Ана ҳәм бала саламатлығын қорғаў, оларға көрсетилип атырған медициналық хызметтиң сапасын арттырыў бәрқулла итибарда.

Республика қәнигелестирилген ана ҳәм бала  саламатлығы илимий-әмелий медициналық орайының қәнигелери зәрүр билим ҳәм көнликпелерди бериў мақсетинде  Қоңырат районы медицина бирлеспесинде болып, әмелий оқыў-сабақларын өткерди.

Дәслеп, орайдың жоқары категориялы шыпакерлери район шараятында бийпул жоқары технологиялы операцияларды өткерди.

Ашық сәўбетлесиўлер даўамында шыпакерлер ана ҳәм бала саламатлығын қорғаў мәселелери бойынша пикир алмасты.

Бул тәжирийбе алмасыў процесслери бир тәрептен районлық емлеўхана қәнигелери ушын оғада пайдалы болған болса, көпшилик ҳаял-қызлардың узағын жақын етип,  денсаўлығының тиклениўине имканият жаратты.

Республика қыстаўлы медициналық тез жәрдем илимий орайы Қарақалпақстан филиалында да бүйир тас кеселлиги бойынша қурамалы хирургиялық операция табыслы өткерилди.

Наўқас бул жерге белиниң қатты аўырып турғанын айтып шағым етип келген. Ультрасес ҳәм рентген тексериўлеринен кейин, оң бүйир төс сидик шығарыў сегментиниң тарайғаны, соның менен бирге, бүйирде тас бар екенлиги анықланған, оның тәсири гидронефроздың раўажланыўына алып келген.

Наўқасқа уролог шыпакерлер тәрепинен кейинги тәсирлердиң алдын алыў ушын дәрҳал “Пелолитотомия, пело-уретеро анастамозы ҳәм оң сидик жолын стентлеў. Оң ретроперитонеал бослықты дренажлаў” хирургиялық операциясы өткерилди.

Операция жоқары маман қәнигелер – Ташкент қаласынан келген уролог шыпакер Ш.Исакулов (РҚМТЖИО) ҳәм Б.Сейтбаевлар тәрепинен әмелге асырылды.


Бул операцияның табыслы өткерилиўи медицина хызметкерлериниң жоқары маманлығы ҳәм филиалда заманагөй емлеў усыллары бар екенлигинен дәрек береди. Операция табыслы өтти ҳәм наўқас шыпакерлер қадағалаўы астында.

Қарақалпақстан хабар агентлиги