«Жасыл мәкан» улыўма миллий жойбары шеңберинде Қанлыкөл районындағы кәсип-өнер мектеби жәмәәти де мектеп әтирапын жасыл мәканға айландырыў мақсетинде жақсы нийетлер менен мийўели ҳәм саяманлы терек нәллерин отырғызыў жумысларын қызғын пенен алып барды.

Илажда ҳәр бир инсан қоршаған орталықты ҳәм ҳаўаның тазалығын, абаданлығын тәмийинлеў мақсетинде өткерилип атырған акцияда белсене қатнасыўы кереклиги атап өтилди.

Атап өтилгениндей, бул ийгиликли илажлар халықтың,  әсиресе,  жаслардың  экологиялық мәдениятын арттырыў, олардың   қоршаған орталыққа болған дыққат-итибарын күшейтиў, ана тәбиятты келешек әўладлар ушын сақлаў, экологиялық жағдайды жақсылаў ҳәм қоршаған орталыққа унамсыз тәсирлердиң алдын алыў мақсетинде өткерилмекте.

Усындай илаж район жасларының қатнасыўында да өткерилип, Бескөпир аўыл пуқаралар жыйыны аймағындағы жасларға ажыратылған жер майданларына нәл отырғызыў жумыслары алып барылды.

Елатлы пунктлердеги жасыл майданларды көбейтиў, тереклердиң санын арттырыў ҳәм оларды тәрбиялаў жумысларын шөлкемлестириў мақсетинде өткерилип атырған «Жасыл мәкан» акциясы нәтийжели даўам етпекте.

Қарақалпақстан хабар агентлиги