Өзбекстан Республикасы Спорт министрлиги ҳәм Өзбекстан кураш федерациясы тәрепинен өткерилген «Кураш маликалары» жарысында республикамыз спортшылары да сыйлы орынларды жеңип алыўға мияссар болды.
Атап айтқанда, Мойнақ районы Спорт мектеби тренер-оқытыўшы Сабрина Узақбаева 87 килограмм салмақта сыйлы биринши орынды, Нөкис қаласы турғыны, ўақтынша жумыссыз Гүлзабира Тилеўимбетова 48 килограмм салмақта екинши, Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университети дене мәденияты факультети 3-курс студенти Шахсанем Аманиязова 78 килограмм салмақта сыйлы үшинши орынларды ийеледи.
Қарақалпақстан хабар агентлиги