Ташкент қаласындағы Әлийшер Наўайы атындағы Өзбекстан мәмлекетлик академиялық үлкен театрында Әжинияз Қосыбай улы туўылғанының 200 жыллығы мүнәсибети менен салтанатлы әдебий-көркем кеше болып өтти.
Атап өтилгениндей, түркий халықлар тарийхында ҳәм әдебиятында өшпес из қалдырған Әжинияз Қосыбай улы келешек әўладлар, халқымыз ушын бийбаҳа мийрас қалдырып кеткен, халқымыздың руўхый дүньясын байытыўға үлес қосқан уллы сөз зергери, данышпан шайыр ҳәм ойшыл саналады.
Президентимиздиң басламасы менен Әжинияздың 200 жыллығы ЮНЕСКО шеңберинде белгиленетуғын халықаралық юбилейлер қатарына киргизилгени, Әжинияз Қосыбай улының атын мәнгилестириў бойынша бир қатар жумыслар әмелге асырылып атырғанлығы кеўиллерге мақтаныш сезимлерин бағышламақта.
Шығып сөйлегенлер шайырдың өмири ҳәм дөретиўшилиги, сондай-ақ, оннан қалған өлмес мийрас ҳаққында кең түрде атап өтти. Әдебий-көркем кеше өзбек ҳәм қарақалпақ көркем өнер шеберлери атқарыўындағы концерт бағдарламасы менен даўам етти.
Илажға Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң комитет баслығы М.Атамуратов ҳәм Министрлер Кеңеси Баслығының орынбасары Р.Зарикеев қатнасты.
Қарақалпақстан хабар агентлиги