Мәдений илаж шеңберинде өзбек көркем өнер ийелериниң қатнасыўындағы гала-концерт илажлары болып өтти.

Ашхабад қаласының Мақом  орайы сарайында «Өзбекстан мәденияты күнлери»ниң  салтанатлы ашылыў мәресими болып өтти. Онда Өзбекстан мәденият министриниң биринши орынбасары Баҳадыр Аҳмедов туўысқан халықлар  арасындағы дослық қатнасықлары ески тарийхқа ийе екени атап өтилди.

Алдын атап өтилгениндей, өзбек ҳәм түркмен халықлары жақын дос, аўызбиршиликли  қоңсы, стратегиялық бирге ислесиўши сыпатында бир мақсетлер менен жасап келмекте. Еки мәмлекет арасындағы қатнасықлардың тамыры узақ тарийхқа барып тақалады ҳәм өз-ара ҳүрмет, исеним тийкарына қурылғаны итибарға ылайық.

Еки дос  мәмлекетлер арасындағы социаллық, экономикалық, мәдений-ағартыўшылық  тараўлардағы қатнасықларды жаңа басқышқа көтериў, бирге ислесиўдиң  жаңа бағдарлары ҳәм перспективаларын белгилеген ҳалда өз-ара пайдалы  бирге ислесиўди раўажландырыў  бағдарында  тарийхий жумыслар әмелге асырылды.

Түркменстанда Өзбекстан мәденияты күнлери шеңберинде өзбек көркем өнер шеберлериниң  қатнасыўындағы гала-концерт, әмелий көркем өнер  көргизбеси, Өзбекстан  ҳәм Түркменстан жазыўшы  ҳәм шайырларының «Мақтымқулы Пырағый ҳәм оның жәҳән әдебиятының раўажланыўына қосқан үлеси» темасында дөретиўшилик ушырасыў болып өтпекте.

Ашхабадтағы  «Ташкент» бағында концерт бағдарламасы, миллий липаслардың көргизбеси, әмелий көркем өнер  көргизбесиниң мәдений илажлары, Түркменстан ҳәм Өзбекстан көркем өнер усталары қатнасыўындағы гала-концерт  өткериў режелестирилген.

Н.Усмонова,

ӨзАның хабаршысы