Усы жылы 13-ноябрь күни Нөкис районында Қарақалпақстан Республикасы Өсимликлер карантини ҳәм қорғаў агентлигиниң шөлкемлестириўинде «Елимизде аўыл хожалығы өнимлериниң экспорт потенциалын арттырыў перспективалары» атамасында экспортшы кәрхана ўәкиллери ҳәм исбилерменлер қатнасыўында ашық сәўбет болып өтти.

Онда тараў ўәкиллери, аўыл хожалығы экпорты менен шуғылланыўшы кәрхана басшылары, дийқан-фермерлер ҳәм исбилерменлер қатнасты.

Илажды өткериўден мақсет-аўыл хожалығы өнимлерин экспорт етиўши исбилерменлик субъектлерин мәмлекетимиз тәрепинен белгилеп берилген жеңилликлер ҳәм қолайлықлар менен таныстырыў, машқала ҳәм тосқынлықларды анықлаў ҳәм шешиў, олардың усыныс ҳәм пикирлерин еситиў, соның менен бирге, Өзбекстан Республикасы Президентиниң «Аўыл хожалығы ҳәм азық-аўқат өнимлерин жетистириўши, ислеп шығарыўшы ҳәм оларды етиўши қылыўшы исбилерменлер менен өткерилген сәўбетинде белгиленген ўазыйпаларды әмелге асырыў илажлары ҳаққында»ғы ҳәм Министрлер Кабинетиниң «Республикада мийўе-палыз өнимлери экспортын тәртипке салыў илажлары ҳаққында”ғы қарарларының мазмун-мәнисин түсиндириўден ибарат.

Илажда Өзбекстан Республикасы Өсимликлер карантини ҳәм қорғаў агентлиги директоры орынбасары Улуғбек Юнусов, Қарақалпақстан Республикасы Өсимликлер карантини ҳәм қорғаў агентлиги баслығы Ринат Шербаевлар шығып сөйлеп, жоқарыда атап өтилген қарарларда белгиленген мийўе-палыз өнимлериниң экспорт баҳаларын жасалма түрде төменлетиў жағдайларының алдын алыў, мийўе-палыз өнимлерин жетистириў ҳәм оларды экспорт етиўде Өсимликлер карантини ҳәм қорғаў агентлигиниң “Agroko‘makchi” мобил қосымшасында жаратылған қолайлықлар ҳәм оннан пайдаланыў ҳаққында мағлыўмат берилди. Қадағалаў уйымларының қәниге хызметкерлери тәрепинен мийўе-палыз ҳәм азық-аўқат өнимлерин экспорт етиўдеги талаплар өз бағдарлары бойынша түсиндирилди. Атап айтқанда, мийўе-палыз ҳәм азық-аўқат өнимлерин экспорт етиўде олардың қадақлаўына, сапасына ҳәм калибрленетуғынына айрықша тоқтап өтилди.

Экспортёрлар тәрепинен мийўе-палыз ҳәм азық-аўқат өнимлерин экспорт етиўдеги машқалалары тыңланып, тараў қәнигелери тәрепинен өз бағдарлары бойынша берилген сораўларға жуўап берилди ҳәм қосымша усыныслар билдирилди.

Усы мазмундағы ашық сәўбет Төрткүл районында да болып өтти.

Қарақалпақстан хабар агентлиги