Жаслар арасында социаллық-руўхый орталықты тәмийинлеў, миллетлер ҳәм динлер аралық кеңпейилликти беккемлеў, терроризм, экстремизм сыяқлы жат иллетлерге қарсы идеологиялық иммунитетти қәлиплестириў мақсетинде, «Кеңпейиллик мениң нәзеримде» атамасында шығарма жазыў таңлаўы болып өтти.
Таңлаўға район аймағында жайласқан барлық улыўма орта билим бериў мектеплериниң жоқарғы класс оқыўшылары қатнасты ҳәм олардың жазған дөретиўшилик жумыслары тәжирийбели төрешилер қурамы тәрепинен баҳаланып барылды.
Қызықлы өткен таңлаў жуўмағында, биринши орынды 33-санлы мектептиң 10-класс оқыўшысы Ф. Бекниязова, екинши орынды 28-санлы мектептиң 10-класс оқыўшысы Г. Оразалиева ҳәм сыйлы үшинши орынды 18-санлы мектептиң 11-класс оқыўшысы Б. Сапарбаевалар ийелеп, шөлкемлестириўшилер тәрепинен диплом ҳәм баҳалы саўғалар менен сыйлықланды.
Сондай-ақ, таңлаўға белсене қатнасқан оқыўшы жасларға да Миннетдаршылық хатлары тапсырылды.
-«Кеңпейиллик ҳәптелиги» шеңберинде өткерилип атырған бул таңлаўда жеңимпаз болғанымнан оғада қуўанышлыман,-дейди таңлаўдың биринши орын ийеси Ф.Бекниязова.-Алдағы ўақытлары да көбирек әдебий китаплар оқып, өзимниң билимимди жетилистирип барыўға ҳәрекет етемен. Келешекте республикамызға белгили дөретиўши инсан болыўды арзыў етемен ҳәм соның ушын алға умтыла беремен.
Адилбай Оразов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы