Баку қаласында Экономика ҳәм қаржы министриниң биринши орынбасары Илҳам Норқулов ҳәм АРБның Орайлық ҳәм Батыс Азия департаментиниң бас директоры Евгений Жуков арасында өткерилген ушырасыўда бул ҳаққында атап өтилди.

БМШ Климат өзгериўи ҳаққындағы ҳадлы конвенциясы Тәреплери конференциясының 29-сессиясы (COP29) даўамында шөлкемлестирилген усы ушырасыўда  тәреплер Өзбекстан ҳүкимети ҳәм  АРБ арасындағы бирге ислесиў шеңберинде климат өзгериўине қарсы гүресиў, инфраструктураны раўажландырыў, «жасыл» экономикаға  өтиў ҳәм перспективадағы жойбарларды әмелге асырыў мәселелерине итибар қаратты.

Сондай-ақ, онда инраструктураны раўажландырыў арқалы урбанизацияны жетилистириў, қаржы ресурсларын тартыў, стратегиялық ҳәм киши жойбарлар ислеп шығыў, миллий шараятқа сәйкес инфраструктура ҳәм эко-санаат парклерин қурыў сыяқлы бағдарлар да көрип шығылды.

Министрлик мәлимлеме хызметиниң мәлим етиўинше, сөйлесиўдиң жуўмағында тәреплер миллий эмиссия саўда системасы (ETS) ҳәм мониторинг, есабат ҳәм верификация (MRV) системасын енгизиўди өз ишине алған жойбарларды әмелге асырыўға келисип алды.

Н.Зиёдуллаева , ӨзА