Саудия Арабстаны «SPA» мәлимлеме агентлиги Әзербайжан пайтахты Баку қаласында болып өткен Бирлескен Миллетлер Шөлкеми Климат өзгериўи бойынша дөгерек конвенциясына (COP29) ағза мәмлекетлер конференциясы темасына мүрәжат етип, Патшалықтың «ACWA Power» компаниясы Әзербайжан, Қазақстан, Өзбекстан менен қайта искленетуғын энергияны раўажландырыў ҳәм узатыў тараўында бирге ислесиў бағдарламасы ҳәм бир қатар келисимлер менен меморандумларға қол қойғанын сәўлелендирди.

Мақалада Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев қайта тикленетуғын энергия экономикалық мақсет емес, ал келешекке қосылып атырған үлес, келеси әўладлар алдындағы жуўапкершилик сезиминиң нәтийжеси екенин атап өткенине тийкар берилген.

Басламаның экологиялық әҳмийети айрықша атап өтилген. Сондай-ақ, энергия инфраструктурасының нәтийжелилигин арттырыў ҳәм жойбарларды қатнасыўшы мәмлекетлер миллий тармағына интеграцияласыўын күшейтиў мақсетинде улыўма жумысты  баҳалаў бойынша стратегиялық бирге ислесиўди жолға қойыў зәрүр екенлиги атап өтилген.

Тәреплер экспертлер ҳәм қәнигелер арасында өз-ара билим ҳәм маманлығын арттырыў, қәнигелестирилген конференция ҳәм семинарлар шөлкемлестириў, сондай-ақ шериклик көлемин кеңейтиў ушын қосымша жумысшы сессиялар өткериўди нәзерде тутатуғын  мәлимлеме ҳәм тәжирийбе алмасыў механизмин қабыл етиўге келисип алған.

Муҳаррама Пирматова, ӨзА