13-ноябрь күни СОР29 саммити шеңберинде Өзбекстан, Қазақстан ҳәм Әзербайжан арасында «жасыл» энергияны раўажландырыў ҳәм узатыў тараўында стратегиялық шериклик ҳаққындағы келисимге қол қойыў мәресими болып өтти.

Илажда шығып сөйлеген Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев қайта тиклениўши энергия экономикалық мақсет емес, ал келешекке қосылып атырған үлес, келеси әўладлар алдындағы жуўапкершилик нәтийжеси екенлигин атап өтти.

Жойбардың экологиялық әҳмийети айрықша атап өтилди. Узатылатуғын энергия – бул самал ҳәм қуяш энергиясы болып, қайта тикленетуғын ҳәм таза дерек болып есапланады ҳәм климатқа тәсирди жумсартыў имканиятын береди.

Усы арқалы тәреплер Париж келисими ҳәм Турақлы раўажланыў мақсетлери шеңберинде климаты қорғаў бойынша биргеликтеги ҳәрекетлерди қоллап-қуўатламақта.

Мәмлекетлеримиз қайта тиклениўши энергияның үлкен резервлерине ийе болып, глобал энергетикалық өзгерислерге салмақлы үлес қосыўы мүмкин екенлиги атап өтилди.

Усы мүнәсибет пенен Президентимиз бул бағдарда әмелге асырылып атырған кең көлемли жумыслардың әҳмийетли тәреплерине айрықша тоқтап өтти.

«Жасыл» энергетиканы жедел раўажландырыў бойынша үлкен бағдарлама қабыл етилген. Мәмлекетимизде 2 гигаваттқа шамалас қуяш ҳәм самал электр станциялары иске қосылмақта.

Буннан тысқары, усы жылдың ақырына шекем тармаққа қосымша 2,6 гигаватт қайта тиклениўши энергия ислеп шығарыў қуўатлықлары ҳәм 300 мегаваттлы энергия сақлаў системалары жалғанады.

2030-жылға келип қайта тиклениўши энергия дереклериниң үлесин 40 процентке жеткериў, сондай-ақ, 4,2 гигаваттлық энергия сақлаў системаларын жаратыў режелестирилген.

Иске қосылып атырған жойбардың экономикалық нәтийжесин барлық қатнасыўшылар сезиўине исеним билдирилди.

Он мыңлаған жаңа жумыс орынлары жаратылады, энергетикалық инфраструктура раўажланады, технологиялық ҳәм исбилерменлик байланыслары кеңейеди. Ең әҳмийетлиси, халықтың турмыс дәрежеси артады.

Жойбарды әмелге асырыўды жеделлестириў, соның ишинде, қоспа кәрхана шөлкемлестириў, техникалық ҳүжжетлерди ислеп шығыў ҳәм келисиў ҳәм басқа да тәртип-қағыйдаларды әмелге асырыў зәрүр екенлиги атап өтилди.

Соңында мәмлекетимиз басшысы Өзбекстанның бул регионаллық жойбарды биргеликте әмелге асырыўға умтылысының исенимли екенин тастыйықлады.

ӨзА