Биткоин баҳасы 12-ноябрь сәнесиниң кейинги саатларында 89 мың доллардан асып, тарийхый максимум көрсетилди. Binance майданынан алынған мағлыўматлар баҳа өсиўи даўам етип атырғанын көрсетпекте.
Биткоин баҳасы 11-ноябрьде $87 мыңға шекем (+9,5 процент) өскен, соң сәл төменлеп, $86,9 мың көрсеткиште қалған еди.
Август айы басында биткоин баҳасы 50 мың доллардан төменлеген еди.
Экспертлер криптовалюта баҳасының ҳәзирги өсиўин АҚШтағы президентлик сайлаўы нәтийжелери менен байламақта.
Қарақалпақстан хабар агентлиги