Жаслар арасында спорттың жеңил атлетика, соның ишинде узақ аралыққа жуўырыў түрин еле де раўажландырыў ҳәм саламат турмыс тәризин кеңнен үгит-нәсиятлаў  мақсетинде, Нөкис қаласында «NUKUS Half Marathon» атамасында жуўырыў марафоны болып өтти.

Жарыс тийкарынан 5, 10 ҳәм 21 км аралыққа болып өтип, оған республикамыздың барлық аймақларынан жаслар қатнасты ҳәм жеңимпазлық ушын өз-ара беллесиўге түсти.

Қызықлы өткен марафон жуўмағында, 5 км аралыққа ерлер арасында Е. Ботиров жеңип алған болса, қызлар арасында А. Иманалиеваға тең келетуғын атлет табылмады.

10 км аралыққа жуўырыў бойынша өткерилген жарыста Б.Бойматов, қызлар арасында М.Камилова биринши орынды ийелеўге миясар болды.

Ал, ең узақ аралық, яғный 21 км ге жуўырыўда болса, ерлер арасында О. Тошқуватов, қызлар арасында А.Мирзаакбаровалар бәйги сызығына биринши болып жетип келди.

Жарыс соңында жеңимпазлар шөлкемлестириўшилер тәрепинен таярланған арнаўлы диплом, медаль ҳәм естелик саўғалар менен сыйлықланды.


 

Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы