8-11-ноябрь күнлери Әндижан ўәлаятында спорттын Регби-7 түринен 16 жастағы жас өспиримлер арасында Өзбекстан кубоги жарысы болып өтти.

Бул жарыста қарақалпақстанлы жаслар да табыслы қатнасып, жақсы нәтийжелерге  ерисиўге миясар болды.

Атап айтқанда, қызлар арасында беллесиўлерде жас регбишилеримиз барлық қарсыласларын жеңип шығып, Өзбекстан кубогиниң жеңимпазына айланды.

Жеңимпаз қызларымызды бул жарысқа тренерлерден Жеткербай Базаров, Қутлымурат Примматов ҳәм Шоира Балтабаевалар таярлады.

-Регби-7 спорты Қарақалпақстанға 2015-жылы кирип келди,-дейди тренер Жеткербай Базаров.-Ҳәзирги ўақытлары бул спорт пайтахтымыздан тысқары, Нөкис, Әмиўдәрья, Қараөзек ҳәм Қоңырат районларында жақсы раўажланып киятыр ҳәм усы аймақлардан жас спортшылар командамызда қамтып алынды. Соның ишинде командамыз өткен жылы 14-16-18-жастағы жас өспиримлер арасында жеңимпаз болған болса, 20 жастағы спортшылар арасында екинши орынды ийелеўге миясар болдық. Алдағы ўақытлары да спортшыларымыз бенен оқыў-шынығыўларды еле күшейтип, халықаралық жарысларда да жақсы нәтийжелерди қолға киргизиў ушын ҳәрекет етемиз.

 

Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы