Қәдирли медицина хызметкерлери!
Бәринен бурын, өз өмирин инсан саламатлығын сақлаўдай уллы жумысқа бағышлап киятырған сиз әзизлер – пидайы шыпакер ҳәм мийирбийкелерди, тараў ветеранларын кәсиплик байрамыңыз бенен шын кеўилден қутлықлайман.
Ҳәммемиз жақсы түсинемиз, ел-халықтың саламатлығы – жәмийеттиң бийбаҳа байлығы болып есапланады. Тынышлық ҳәм саламатлық болған жерде әлбетте өсиў ҳәм өзгериў, бахытлы ҳәм абадан турмыс болады.
Усы мәниде, Жаңа Өзбекстанымыз ерисип атырған үлкен жетискенликлерде, инсан капиталын раўажландырыўда жанкүйер медицина хызметкерлериниң мүнәсип үлесин тән алып, оларға ҳәр қанша рахметлер айтсақ, арзыйды.
Әзиз дослар!
Кейинги жыллары әмелге асырып атырған кең көлемли реформаларымыз себепли денсаўлықты сақлаў системасында да түпкиликли өзгерислер жүз бермекте.
Бәринен бурын, ажыратылып атырған бюджет қаржыларының бир неше мәрте көбейтилгени, жеке меншик сектордың раўажланыўына кеңнен жол ашылып атырғаны себепли тараўдың материаллық-техникалық базасы ҳәм кадрлар потенциалы беккемленбекте, хызметлер тармағы кеңейип, саламат бәсеки орталығы қәлиплесип, сапа ҳәм нәтийжелилик артпақта. Диагностика ҳәм емлеў әмелиятына алдыңғы заманагөй технологиялар жедел енгизилмекте.
Барлық социаллық хызметлер қатары медицинаны да халқымызға және де жақын етиў ушын тәжирийбели емлеў ҳәм профилактика системасын хожалықларға шекем алып кириў илажлары көрилмекте.
Усы мақсетте басланғыш медициналық-санитариялық мәкемелердиң жумысы жаңаланбақта. Бул буўында биринши гезекте кеселликлердиң алдын алатуғын, оларды келтирип шығаратуғын себеплерге қарсы гүресетуғын механизмлерди енгизиў басланғаны да соннан дәрек болып есапланады.
Халықтың жәрдемге мүтәж қатламларына жоқары қәнигели медициналық жәрдем көрсетиўди мәҳәлле кесиминде, мәнзилли ҳәм анық мақсет тийкарында тәмийинлеў бойынша жаңаша тәжирийбе қолланбақта. Системада «Электрон поликлиника», «Электрон рецепт» бағдарламалары енгизилмекте. Оның ушын патронаж хызметкерлери халықаралық стандартлар тийкарында оқытылмақта.
Тез медициналық жәрдем системасы автоматластырылған электрон басқарыўға өткерилип, сырт елде ислеп шығарылған 1 000 арнаўлы заманагөй автомобиль менен тәмийинленди.
Қәнигелескен медициналық хызмет де халыққа жақынластырылмақта. Бул бағдарда диагностика усыллары 500 ден, емлеў усыллары болса 800 ден артқаны итибарға ылайық.
Республикалық қәнигелестирилген гематология илимий-әмелий медицина орайында донордан алынған сүйек көмиги өзек клеткалары трансплантациясы, Кардиология орайында қурамалы эндоскопиялық хирургиялық әмелияты жолға қойылды.
Миллий медицина орайының шыпакерлери тәрепинен алыс районларда Европадан келтирилген көшпели кардиохирургиялық комплексинде қурамалы операциялар табыслы өткерилмекте.
Әзим пайтахтымызда медицина тараўындағы сийрек гезелесетуғын мега жойбар сыпатында қурылған Республикалық қәнигелестирилген онкология ҳәм радиология орайының жаңа заманагөй комплексинде соңғы үлгидеги әсбап-үскене ҳәм шараятлар тийкарында кеселликлерди ерте анықлаў ҳәм емлеў көлеми бир неше есе артады. Ең әҳмийетлиси, ўатанласларымыз артықша ўақыт ҳәм қаржы жумсап, сырт елдеги емлеў орайларына барыў тәшўишинен қутылады.
Әлбетте, медицина тараўындағы жетискенликлеримиз халықаралық көлемде тән алынып атырғаны бәршемизди қуўандырады. Балалар миллий медицина орайы халықаралық сертификатты қолға киргизгени, Хирургия орайында халықаралық сапа стандартларының енгизилгени, мәмлекетимиз гепатит Вға қарсы гүресиўде регионаллық мақсетли көрсеткишлерге ерискениниң тастыйықланғаны усылардың қатарына киреди.
Әлбетте, бәршемиз биргеликтеги мийнетимиздиң жемиси болған бундай мысалларда және көплеп келтириў мүмкин.
Жақында мәмлекетлик медициналық қамсызландырыў механизмлерин енгизиўге байланыслы қарарға қол қойылды. Бул ҳүжжетке бола, система шеңбериндеги бийпул медициналық хызметлер ҳәм дәри-дәрмақлар қәрежетлери мәмлекет бюджетине төленип атырған салықлар есабынан қапланыўы белгиленди.
Халықтың саламатлығына итибарды күшейтиў арқалы инсан қәдирин арттырыў, оның турмыслық мәплерин тәмийинлеўге қаратылған бундай әҳмийетли жумысларды келешекте де избе-из даўам еттиремиз.
Улыўмаластырып айтқанда, медицинаны және де халықшыл тараўға айландырыў, адамларды бул системадан разы етиў мәселеси бәрқулла дыққатымыз орайында болады.
Бул бағдардағы ўазыйпаларды табыслы орынлаўда муқаддем антына садық сиз, мийнеткеш ҳәм уллы мәртебели медицина хызметкерлери өзиңизди аямастан, бай билим, шеберлик ҳәм тәжирийбеңизди жумсайтуғыныңызға исенемен.
Уллы Ибн Сина бабамыз дәстүрлериниң мүнәсип даўамшылары болған сиз, әзизлерди Медицина хызметкерлери күни менен және бир мәрте шын кеўилден қутлықлап, ҳәммеңизге денсаўлық, шаңарақлық бахыт, мақтанышлы жумысыңызда жаңа табыслар тилеймен.
Шавкат МИРЗИЁЕВ,
Өзбекстан Республикасы Президенти