Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев 11-ноябрь күни әмелий сапар менен Ар-Риёд қаласына келди.
Падшах Холид атындағы халықаралық аэропортта мәмлекетимиз басшысын Ар-Рияд ўәлаяты басшылығы -шахзада Муҳаммад бин Абдураҳман бин Абдулазиз ҳәм басқа рәсмий шахслар күтип алды.
Бүгин Өзбекстан жетекшиси гезексиз Араб-ислам саммитинде қатнасады.
Илаж күн тәртибине муўапық, «Ғаза ҳәм Ливандағы кескинликти тез ўақыт ишинде кемейтиў, келиспеўшиликти сиясий-дипломатиялық жол менен шешиў мәселелери көрип шығылады.
ӨзА