Нөкис қаласында «Бес баслама олимпиадасы» шеңберинде улыўма орта билим бериў мектеби оқыўшылары арасында «Кеўилли стартлар» спорт жарысының Қарақалпақстан Республикасы басқышы болып өтти.
Жарысқа республикамыздың барлық аймақларынан ең күшли командалар қатнасты ҳәм олар белгиленген шәртлер бойынша жеңимпазлық ушын өз-ара беллести.
Қызықлы өткен жарыс соңында, Нөкис районлық Мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириўи бөлимине қараслы 21-санлы улыўма орта билим бериў мектебиниң «Ақмаңғыт» командасы барлық қарсыласларынан үстин келип, Қарақалпақстан чемпионы болыўға еристи.
Ал, сыйлы екинши орынды Кегейли районындағы 55-санлы мектептиң оқыўшыларынан дүзилген команда, үшинши орынды Хожели районындағы 33-санлы мектептиң командасы ийелеўге миясар болды.
Жарыс соңында жеңимпаз командалар шөлкемлестириўшилер тәрепинен таярланған арнаўлы диплом ҳәм естелик саўғалар менен сыйлықланды.
Енди Нөкис районлық Мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириўи бөлимине қараслы 21-санлы улыўма орта билим бериў мектебиниң «Ақмаңғыт» командасы «Кеўилли стартлар» жарысының Өзбекстан Республикалық басқышына қатнасады.
Адилбай Оразов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы