Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев әмелий сапар менен Қырғызстанға келди.

“Манас” халықаралық аэропортында жоқары мәртебели мийманды Қырғыз Республикасы Министрлер Кабинети Баслығы Ақылбек Жапаров ҳәм басқа рәсмийлер күтип алды.

Сапар шеңберинде 6-ноябрь күни мәмлекетимиз басшысы Түркий мәмлекетлер шөлкеминиң гезектеги саммитинде қатнасады.






Саммит күн тәртибинен шөлкем шеңбериндеги көп тәреплемели бирге ислесиўди және де раўажландырыў мәселелери орын алған. Ҳәр қашанғыдай, сиясий қарым-қатнасты беккемлеў, саўда-экономикалық ҳәм инвестициялық бирге ислесиўди раўажландырыў, исбилерменлик байланысларын хошаметлеў, мәдений-гуманитарлық бирге ислесиўди кеңейтиў ўазыйпалары итибар орайында болады.

Жетекши халықаралық ҳәм регионаллық әҳмийетке ийе тийкарғы мәселелер бойынша да пикир алысты.

Мәжилис жуўмағында бир қатар биргеликтеги қарар ҳәм ҳүжжетлер, соның ишинде, мәмлекетимиздиң басламасы менен ислеп шығылған Түркий дүнья Хартиясы қабыл етилиўи нәзерде тутылған.

ӨзА