«Коррупцияға қарсы гүресиў виртуал академиясы» электрон платформасында оқытыўды шөлкемлестириў тәртиби ҳаққындағы реже тастыйықланды.

Бул ҳүжжет халық ҳәм мәмлекетлик хызметкерлериниң коррупцияға қарсы гүресиў тараўындағы билимлерди үзликсиз арттырыўға қаратылған «Коррупцияға қарсы гүресиў виртуал академиясы» электрон платформасы (виртуал академия)да оқытыўды шөлкемлестириў тәртибин белгилейди.

Нызамға муўапық, виртуал академияда оқыў жумысын шөлкемлестириў ҳәм жүргизиў Коррупцияға қарсы гүресиў агентлиги ҳәм Ҳуқықты қорғаў академиясы тәрепинен әмелге асырылады.

Академияда оқытыў базалық (барлық пайдаланыўшылар ушын бийпул) ҳәм арнаўлы (төлемли-шәртнама тийкарында) оқыў курслары бойынша жолға қойылады.

Базалық ҳәм арнаўлы оқыў курслары жумыстан ажыралмаған ҳалда, асинхрон режиминде аралықтан турып, электрон билимлендириў ресурсларын еркин түрде өзлестириў тийкарында әмелге асырылады.

Базалық оқыў курслары билим алыўшыларға коррупция түсиниги, тарийхы, ақыбетлери, оған қарсы гүресиў ҳәм алдын алыўға байланыслы мәселелерди түсиндириў, жаңалықлар, машқалалы жағдайлар ҳәм олардың шешимлери, сораў-жуўап ҳәм түрли сынақлар өткериў арқалы әмелге асырылады.

Билимлендириў шөлкемлери тәрбияланыўшылары, оқытыўшылары ҳәм студентлери ушын Мектепке шекемги билимлендириў ҳәм Жоқары билимлендириў, илим ҳәм инновациялар министрликлери менен биргеликте өз алдына оқыў бағдарламалары ислеп шығылады.

Арнаўлы оқыў курслары маманлықты арттырыў барлық мәмлекетлик хызметкерлери ушын мәжбүрий есапланады. Онда, жумысқа қабыл етилгенинен соң үш ай ишинде оқыў курсынан өтеди, маманлықты арттырыўдың даўамлылығы ҳәр үш жылда кеминде бир рет шөлкемлестиреди.

Коррупцияға қарсы ишки қадағалаў структуралары ҳәм коррупциялық қәўип-қәтерлер жоқары болған мәмлекетлик хызмети лаўазымларында хызмет көрсетиўши хызметкерлер ушын арнаўлы курслар тереңлестирилген оқыў бағдарламалары тийкарында алып барылады.

Виртуал академияда оқыў процеси сапалы шөлкемлестирилгенин мониторинг етип барыў агентлик тәрепинен әмелге асырылады.

Мәмлекетлик уйымлар ҳәм шөлкемлер ҳәр шеректиң ақырғы айы 25-сәнесине шекем жумысқа қабыл етилгенине үш ай толған мәмлекетлик хызметкерлери ҳаққындағы агентликке көрсетилген мағлыўматлар тийкарында академия менен келисилген ҳалда оқытыў реже-графиги тастыйықланады.

Мәмлекетлик уйымлар ҳәм шөлкемлер виртуал академияның арнаўлы оқыў курсларында өз хызметкерлериниң оқыўға қатнаўы ушын жуўапкер есапланады.

Арнаўлы оқыў курсларын табыслы тамамлағанларға сертификат бериледи.

ӨзА