Жума күни ҳиндлердиң жақтылық фестивалы – Дивали қатнасыўшылары қәўипсизлик қағыйдасына улыўма әмел етпейди. Нәтийжеде пиротехника базасында жарылыў жүз берип, Нью-Дели дүньяның ең патас қалалары дизиминде биринши орынға шықты.

«Reuters» агентлиги хабар бергениндей, бул ҳәдийсе себепли ҳаўа сапасы қәўипли дәрежеге көтерилди.

Жергиликли ҳәкимият уйымлары кейинги бир неше жыл даўамында Жоқарғы суд көрсетпесине муўапық, Дивали ҳәм қыс пайтында петардадан пайдаланыўды қадаған еткен. Өкинишлиси, қамақ жазасы күшине қарамастан, илаж нәтийже бермей атыр. Айырым топарлар тыйым фестивальға кесент берип атыр, деп атап өтпекте. Ҳақыйқатында, Дели ҳүкимети бул қарар адамлар өмирин сақлап қалыў ушын қабылланғанын атап өтеди.

Жума күнги түтин Ҳиндстан арқасындағы фермаларда шығынды жаныўы менен бир ўақытқа туўра келди. Ҳәр жылы қыс басланыўында ҳаўа сапасы сол тәризде жаманласады, себеби суўық, аўыр ҳаўа түрли дереклердеги патасландырыўшы элементлерди услап турады.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги