АҚШ президентлигине талабан Камала Харрис жети «тебирениўши» штаттан төртеўинде жетекшилик етпекте, бул сайлаўда жеңиске ерисиў ушын жетерли болыўы мүмкин. Бул ҳаққында The Times баслымы өткерген сораў нәтийжелеринде мәлим етилген.
Мағлыўматларға бола, Харрис Висконсин ҳәм Пенсилвания штатларында 49% респондентлер тәрепинен, сондай-ақ, Мичиган ҳәм Невада штатларында 48% менен Трамптан алында – Доналд Трамп олар бойынша 45%, 46%, 45% ҳәм 47% қоллаў алған.
Соның менен бирге, бурыңғы президент Арқа Каролинада 49% ҳәм Жоржияда 48% респондентлер сәйкес рәўиште 48% ҳәм 47% қоллап-қуўатлағанлар; Аризонада еки талабанды да 48 процент қоллап-қуўатланған.
Егер президентлик сайлаўы нәтийжелери сораўнама сыяқлы нәтийжелер менен жуўмақланса, Харрис жеңиске ерисиў ушын зәрүр болған 538 даўыстан 276 даўыс алып, жеңиўи мүмкин.
Сораў 25-31-октябрь күнлери 6,6 мың сайлаўшы қатнасыўында өткерилди, қәтелик штатқа қарап 3,9 проценттен 4,6 процентке шекем парықланыўы мүмкин.
Қарақалпақстан хабар агентлиги