Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик академиялық музыкалы театрында «Ишки ислер уйымлары хызметкерлери күни» мүнәсибети менен байрам салтанаты болып өтти.

Өткерилген илажда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев шығып сөйлеп, ҳуқық қорғаў уйымы пидайылары ҳәм ветеранларын кәсиплик байрамы  менен қызғын қутлықлады.

Илажда атап өтилгениндей, ҳуқық қорғаў уйымы хызметкерлериниң жәмийетлик тәртип ҳәм тынышлықты сақлаў, пуқаралардың ҳуқық ҳәм еркинликлерин қорғаў бағдарында өз тынышлығынан, керек болса жанынан кешип әмелге асырып атырған пидайы хызметлери бәрқулла итибарға алынып қәдирленеди ҳәм ҳүрметленеди.

Соны айтып өтиўимиз керек, соңғы жылларда елимизде  Өзбекстан Республикасы Президентиниң басшылығында ишки ислер уйымларының жумыс нәтийжелилигин және де арттырыў, тараўды инсаныйлық ҳәм халықшыл системаға айландырыў, ашық-айдынлық орталығын жаратыў, бул жолда аянбай мийнет етип атырған хызметкерлерди қоллап-қуўатлаў мəселелерине мəмлекетлик дəрежеде итибар қаратылмақта.

Тараў хызметкерлери өз ўазыйпасын минсиз атқарыў жолында, халқымыздың тыныш-татыў турмысын тәмийинлеў, жынаятшылыққа ҳәм ҳуқықбузарлықларға қарсы гүресиў, жәмийетлик тәртипти ҳәм жол ҳәрекети қәўипсизлигин сақлаў, халқымыздың абадан турмысын тәмийинлеў сыяқлы көплеген бағдарлар бойынша ийгиликли жумыслар алып барып атыр.

Өткерилген байрам салтанатында усындай жуўапкершиликли ўазыйпаларды атқарып атырған бир топар пидайы хызметкерлер  ҳәм нуранийлер Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Президиумының қарары менен көкирек белгилери ҳәм естелик саўғалар менен сыйлықланды.

Байрам салтанаты республикамызға белгили көркем өнер ҳәм мәденият тараўы хызметкерлери атқарыўындағы концерт бағдарламасы менен даўам етти.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги