Өзбекстан Саўда-санаат палатасы ҳәм Өзбекстан-Франция экономикалық палатасы басшылығында француз компаниялары менен әмелге асырылып атырған инвестициялық жойбарлар бойынша Жумысшы сессия өткерилди.

Быйылғы жылдың апрель айында мәмлекетимизде усы структураның басламасы Франция Республикасы Презиенти Эммануэль Макронның 2023-жыл ноябрь айында мәмлекетимизге сапары даўамында еки мәмлекет басшылары тәрепинен билдирилген еди. Бул палата ҳәзирги ўақытта 60 тан артық француз компаниясы ҳәм исбилерменлери де олардың өзбекстанлы исбилерменлерин бирлестирген.

Сессиядан гөзленген тийкарғы мақсет биргеликтеги жойбарларды жеделлестириў, машқалаларды анықлаў ҳәм тезлик пенен шешиў, Франция компанияларының елимиздеги инвестиция жумысын және де жеңиллестириўге жәрдемлесиў болып табылады. Әнжуман шериклик көлемин кеңейтиў бойынша пикир ҳәм тәжирийбе алмасыў ушын да қолайлы майдан болып, мәмлекетимизде исбилерменлик орталығын жақсылаўға хызмет етеди.

Сессия жумысында Саўда-санаат палатасы баслығының орынбасары Дилшод Расулов, Өзбекстан-Франция Экономикалық палатасы президенти Жоанна Голас, сондай-ақ, Экономика ҳәм қаржы, Транспорт министрликлери, «Өзсуўтәмийнат» АЖ ҳәм IT Park қәнигелери, 14 француз кәрханаларының ўәкиллери қатнасты.

Ашық сөйлесиўге тийкарланған ушырасыў даўамында жуўапкерлер тәрепинен инвесторларды қызықтырған барлық сораўларға толық жуўап қайтарылды. Саўда-сатықты раўажландырыўға тосқынлық етп атырған машқала ҳәм факторларды анықлаў ҳәм тезлик пенен толық сапластырыў бойынша жумысларды жеделлестириў зәрүрлиги мақулланды.

Илаж жуўмағында усыныс етилип атырған шешимлер улыўмаластырылған ҳалда, көрип шығыў ушын ҳүкиметке ҳәм тийисли уйымларға жиберилиўи бойынша келисип алынды.

ӨзА