Нөкис қаласындағы Ели абат мәкан пуқаралар жыйынындағы көп қабатлы турақ жайлар алдында пуқаралардың зәҳәрли ийис газинен зыянланыўының алдын алыў, айрықша жағдайлар ҳәм өрт қәўипсизлигин тәмийинлеў мақсетинде тийисли тараў басшылары, жуўапкер хызметлер, кең жәмийетшилик ўәкиллери, аймақ турғынлары, ғалаба хабар қуралларының ўәкиллери ҳәм блогерлердиң қатнасыўында көргизбели семинар тәризинде баспасөз конференциясы өткерилди.
Дәслеп, қәнигелер тәрепинен қатнасыўшыларға зәҳәрли газден зыянланыўдың алдын алыўда зәрүр болған қәўипсизлик қағыйдалары кең түрде көргизбели қураллар менен түсиндирилип, еслетпе материаллар тарқатылды.
Көргизбели семинардан кейин, сол орында дала шараятында тигилген шатырда жуўапкер басшылар ҳәм ғалаба хабар қураллары ўәкиллериниң қатнасыўында баспасөз конференциясы өткерилди.
Конференцияда Қарақалпақстан Республикасы Айрықша жағдайлар басқармасының баслығы Азамат Давлетов тәрепинен зәҳәрли газден зыянланыў менен байланыслы болған кеўилсиз ҳәдийселер туўралы мағлыўматлар берилип, олардың келип шығыў себеплери түсиндирилди.
Атап өтилгениндей, гүзги-қысқы мәўсимде ҳәр биримиз ең дәслеп өзимиздиң ҳәм шаңарақ ағзаларымыздың қәўипсизлигин тәмийинлемесек, үйимизде жайласқан ысытыў қазанларымыздың морысын мәўсим алдынан тазаламасақ аўыр кеўилсиз жағдайларға алып келип атырғанының гүўасы болмақтамыз. Мағлыўматларға қарағанда, 2020 ҳәм 2023-жыллар аралығында Өзбекстан Республикасы бойынша 421 пуқара зәҳәрли ийис газинен зәҳәрленип қайтыс болған.
Бундай жағдайлар айырым пуқаралардың үй ишине жасалма тәризде исленген жылытыў қазанын орнатыўы, қәўипсизлигин тәмийинлемей, яғный морысын тазаламай, саз ямаса насазлығын тексермей турып газди жағып пайдаланып атырғанлығы ақыбетинде жүз бермекте.
Қарақалпақстан Республикасы аймағында жәми 1700 ден аслам көп қабатлы турақ жайларда 45 мыңға шамалас квартира болып, басым көпшилиги пайтахтымыз Нөкис қаласында жайласқан. Нөкис қаласындағы 675 көп қабатлы турақ жайдың 447 си ески, 228 и жаңадан салынған болып, 24 700 ден аслам квартира бар.
Үйрениўлерге бола пуқаралардың зәҳәрли газден зыянланыўы менен байланыслы болған кеўилсиз жағдайлар бурын салынған көп қабатлы турақ жайларда, әсиресе үйрениў өткериўге барған хызметкерлерге есигин ашпаған, жасалма ысытыў қазанханаларынан пайдаланған, морысы ямаса горелкасы насаз болған үйлерде жүз бермекте. Нөкис қаласында ески көп қабатлы турақ жайларда 15 мыңға шамалас квартира болып, усы күнге шекем 2600 ден аслам квартира үй ийелер болмағанлығы себепли үйренилмеген.
Айрықша жағдайлар басқармасы хызметкерлериниң үйме-үй жүрип алып барған профилактикалық илажлары нәтийжесинде 3400 ден аслам квартираның ийелери анықланып, қәўипсизлик илажлары көрилди. Зәҳәрли газден зыянланыў менен байланыслы кеўилсиз ҳәдийселердиң дерлик 90 процентке шамаласы морылардың тығылып қалыўы менен байланыслы болмақта. Сонлықтан биринши гезекте ысытыў қазанханасы морыларын тазалатыўға итибар қартылмақта.
Баспасөз конференциясында қәўипсизлик қағыйдалары бойынша таярланған арнаўлы видеоролик қойып берилди.
Қатнасыўшылар орайлық ысытыў системасы, жүз берген бахытсыз ҳәдийселер ҳәм басқа да усы мәселелерге байланыслы жумыслар туўралы пикир-усынысларын билдирип, қызықтырған сораўларына жуўап алды.
Ә.Жийемуратов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги
М.ҲӘБИЙБУЛЛАЕВ тың түсирген сүўретлери