ТМШтың гезектеги саммити 6-ноябрь күни Бишкекте «Түрк дүньясын беккемлеў: экономикалық интергация, турақлы раўажланыў, санлы келешек ҳәм улыўма қәўипсизлик» темасында болып өтеди. Бул ҳаққында Қырғыз Республикасы Президенти администрациясының сыртқы сиясат бөлими баслығы Муратбек Азимбоқиев мәлим етти.
Форумда ТМШға ағза мәмлекетлердиң жетекшилери қәўипсизлик ҳәм экономикалық мәселелерин додалайды ҳәм шөлкемниң әмелдеги күн тәртибиндеги әҳмийетли машқалалары бойынша қарарлар қабыл етеди, сондай-ақ, бир қатар ҳүжжетлерди, атап айтқанда, жуўмақлаўшы декларацияға қол қояды.
Мағлыўмат орнында: 2025-жылы Түркий мәмлекетлер шөлкемине басшылық Қырғыз Республикасына өтеди.
Үлкениң ТМШқа болажақ басшылығы дәўиринде қатнасыўшы мәмлекетлер арасындағы байланысларды беккемлеў, экономикалық өсиў ушын жаңа имканиятлар жаратыў ҳәм регионда турмыс дәрежесин арттырыўға қаратылған бир қатар илажлар режелестирилген.
Саммитте шөлкемге ағза 5 мәмлекет – Түркия, Әзербайжан, Өзбекстан, Қырғызcтан ҳәм Қазақстан басшылары ҳәм бақлаўшы мәмлекетлердиң жетекшилери қатнасады.
Ў.Алимов, ӨзА