Нөкис қаласындағы Олимпия ҳәм паралмпия спорт түрлерине таярлаў орайының стадионда футбол бойынша Қарақалпақстан Республикасы кубогиниң финал ойыны болып өтти.
Онда Қанлыкөл районының «Алтынкөл» ҳәм Қоңырат районының «Қоңыратшы» командасы өз-ара беллести.
Қызықлы өткен ойында «Алтынкөл» командасының үстемлиги байқалып, олар тәрепинен биринши таймының өзинде «Қоңыратшы» дәрўазасына 3 гол урылды.
Екинши таймда да қанлыкөлли футболшылар ойын пәтин түсирместен, ушырасыўдың 54-80 ҳәм 89-минутларында өз қарсыласлары дәрўазасына және 3 гол урып, ойындағы есапты 6:0 ге алып келди.
Бул ушырасыўда «Алтынкөл» командасынан Сервар Бабаназаров, Шахрух Муратбаев, Зафар Абдурасулов ҳәм Нурбек Сәрсенбаевлар «Қоңыратшы» дәрўазасын бир мәртеден анық нышанға алған болса, Бегис Қуўанышбаев дублге еристи.
Ал, «Қоңыратшы» командасының ағзасы Е.Джамаладдинов болса, ойын төрешиси тәрепинен қызыл карточка менен жазаланып, өз командасын қыйын жағдайға салып қойды.
Солай етип, кубок финалында әжайып ойын көрсеткен «Алтынкөл» командасы футбол бойынша Қарақалпақстан Республикасы кубогиниң жеңимпазына айланды ҳәм 17-22-ноябрь күнлери Наманган ўәлаятында өткерилетуғын Өзбекстан 1-лигасына өтиў жарысына жолламаны қолға киргизди.
Адилбай Оразов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы