Шымбай районындағы 49-санлы улыўма орта билим бериў мектебинде мәмлекетлик уйым хызметкерлериниң руўхый жақтан сиясий саўатын арттырыў, оларды елимизде алып барылып атырған реформалардың белсенди қатнасыўшысына айландырыў, мәкеме ҳәм шөлкемлердеги руўхый-ағартыўшылық жумысларына жуўапкер қәнигелердиң жумыс тәжрийбесин кең ен жайдырыў ҳәм олардың мийнетлерин мүнәсип хошаметлеў мақсетинде «Жас зыялы» таңлаўының аймақлық басқышы шөлкемлестирилди.
Таңлаўға Шымбай, Бозатаў, Қараөзек ҳәм Тахтакөпир районларында жайласқан мәкеме ҳәм шөлкемлердеги руўхый-ағартыўшылық жумысларына жуўапкер қәнигелерден дүзилген топарлар қатнасып, белгиленген шәртлер бойынша өз-ара беллести.
Өз-ара бәсекиге бай болған таңлаý жуýмағында, биринши орынды Бозатаý районы топары ийлеп, таңлаўдың республикалық басқышына жолламаны қолға киргизди.
Ал, екинши орын Шымбай ҳəм Тахтакөпир районы топарларына несип еткен болса, сыйлы үшинши орынға Қараөзек районы топары ылайық деп табылды.
Таңлаў соңында жеңимпазлар шөлкемлестириýшилер тəрепинен таярланған арнаўлы диплом ҳəм китаплар топламы менен сыйлықланды.
Адилбай Оразов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы