Президент Шавкат Мирзиёевтиң басшылығында өткерилип атырған мәжилисте тийкарғы мәселе – Наўайы ўәлаяты экономикасын өсириў, инвестиция, экспорт ҳәм жуўмағында, адамлардың дәраматын көбейтиў мәселелери көрип шығылмақта.
Ўәлаят республикамыздың қақ орайында жайласқан, бай тәбийғый ресурслар, жетерли инфраструктура ҳәм инсан потенциалына ийе аймақ.
Соңғы үш жылда наўайылы жаслар жоқары оқыў орынларына кириў бойынша 1-орынды ийелеп келмекте. Бақша қамтыўы 85 процентке жетип, республикада 2-орынға шықты.
Халқымыз қазылма байлықларының 20 проценти Наўайы үлкесинде. Ўәлаятта ҳәр жылы 100 триллион сумнан артық санаат өними жаратылмақта. Ҳәзирги ўақытта ўәлаятта 15 миллиард киловатт сааат электр энергиясы шығарылып атыр, және 5,2 гигаваттлы самал ҳәм қуяш станциялары иске қосылыў алдында.
Мәмлекетимиздиң ең әҳмийетли транспорт артерияларының 16 проценти Наўайы аймағынан өткен. Өткен ҳәпте Қарақалпақстанда 240 километрлик «Қоңырат-Бейнеў» жаңа жолы пайдаланыўға тапсырылды. Бул да Наўайының логиcтика орайы сыпатындағы әҳмийетин және де арттырады.
ӨзА