Кеше Нөкис қаласындағы Олимпия ҳәм паралмпия спорт түрлерине таярлаў орайының стадионда май айында басланған футбол бойынша ХХХI Қарақалпақстан Республикасы чемпионатының ең соңғы ойыны болып өтти.
Онда Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетиниң «ҚМУ» ҳәм Кегейли районының «Кегейли» футбол командалары чемпионат жеңимпазлығы ушын өз-ара гүрес алып барды.
Кескин өткен ойынның биринши таймында, университет студентлери өзлериниң шеберликлерин көрсетип, «Кегейли» командасы дәрўазасына еки гол урыўға еристи. Бунда команда ағзаларынан Жәҳәнгир Юсупов ҳәм Фаррух Ниязымбетов өз есабына гол жаздырып қойыўға еристи.
Ал, екинши таймда кегейлиши футболшылар да тез-тезден қәўипли ҳүжимлер шөлкемлестирип барды ҳәм усындай ҳүжимлердиң бирин 58-минутта Дәўранбек Қурбаниязов голға айландырыўға миясар болды.
Буннан соң ушырасыўда дәрўазаларға басқа гол урылмады ҳәм Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетиниң «ҚМУ» футбол командасы быйылғы чемпионатта Қарақалпақстан чемпионы болыўға миясар болды.
Ойын соңында жеңимпаз командалар шөлкемлестириўшилер тәрепинен таярланған арнаўлы медаль ҳәм естелик саўғалар менен сыйлықланды.
Адилбай Оразов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы