Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев 31-октябрь күни Наўайы ўәлаятына келди.
Бул аймақ раўажланған индустриясы менен мәмлекетимиз экономикасында үлкен орын тутады. Экономикалық ҳәм инвестициялық имканиятлар себепли соңғы жыллары жаңа кәрханалар көбейип бармақта.
Мәмлекетимиз басшысы Наўайы қаласындағы “Uzbekistan hydrogen peroxide” биргеликтеги кәрхананың жумысы менен танысты.
Ўәлаяттағы кәрханаларға водород пероксиди бәрқулла зәрүр. Улыўма, елимиз санаат тармақларында бул химиялық бирикпеге жыллық талап орташа 15 мың тоннадан артық. Усы жылы өз жумысын баслаған “Uzbekistan hydrogen peroxide” биргеликтеги кәрханасында усындай талап күшли өним ислеп шығарылады.
Баҳасы дерлик 30 миллион доллар болған жойбар шеңберинде завод қурылып, Қытай, Ҳиндстан, Түркия, Германия, Италия ҳәм Швециядан заманагөй үскенелер алып келинип орнатылды. 80 ге шамалас адам жумыс пенен тәмийинленди. Кәрхана жылына 30 мың тонна водород пероксиди ислеп шығарыў қуўатлылығына ийе.
Бул бирикпеден химия, металлургия, электр техникасы, фармацевтика, тоқымашылық, азық-аўқат, аўыл хожалығы сыяқлы оңға шамалас тармақта пайдаланылады. Соның ишинде, қағаз, турмыслық ҳәм химиялық қураллар ислеп шығарыў, уран ҳәм кобальт өнимлерин қазып алыўда жедел қолланылады. Ыдысларды тазалаўшы, жасалма ҳәм синтетикалық түклерди ағартыўшы қурал сыпатында ислетиледи.
Тийкарғысы, экономикалық нәтийжелилиги жоқары. Бул жерде тәбийғый газ терең қайта исленип, базарға қолайлы өнимге айландырылады. Мысал ушын, 60 процентли водород пероксиди медицинада үш есе, турмыслық химия қуралларында еки есе қосымша қун жаратады.
Кәрхана лабораториясына да ең соңғы түрдеги үскенелер орнатылған. Онда ҳәр саатта таллаў өткериледи. Бул өнимниң сапасын турақлы қадағалаўда үлкен әҳмийетке ийе.
Мәмлекетимиз басшысы кәрханадағы жумыс процесин көзден өткерди, қәнигелер менен сәўбетлести.
-Ҳәрбир жойбардан мақсет – жоқары дәрамат, қосымша қун. Бул кәрхана сол тәрепинен мақул. Енди өндиристиң турақлылығы, қарыйдарлардың исеними ушын буны кепилленген шийки зат пенен тәмийинлеў керек. Локализациялаў бағдарламасы тийкарында қолайлы шәртлерде кредит ажыратыў да мүмкин,-деди Шавкат Мирзиёев.
Жуўапкерлерге усы кәрхана мысалында усындай жойбарларды көбейтиў, исбилерменлерди қоллап-қуўатлаў бойынша тапсырмалар берилди.
Водород пероксиди усы ўақытқа шекем Өзбекстанға үлкен қәрежетлер менен тек ғана сырт елден алып келинетуғын еди. Енди болса жергиликли өним ишки талапты толық қаплап, импорттың орнын толтырады. Соның менен бирге, жақын регионда бундай кәрхана жоқ. Сол себепли өним ҒМДА ҳәм Европа мәмлекетлерине де жеткерип берилмекте. Қысқа ўақытта дерлик, 1,5 миллион долларлық экспорт етилген. Кәрхананың жыллық экспорт потенциалы 10 миллион доллар.
Бул суйық химиялық өнимлерди сақлаў ҳәм жеткерип бериў ушын сол жердиң өзинде пластик қуйма ыдыслар таярлаў жолға қойылған. Кәрхананы альтернатив энергия менен тәмийинлеў мақсетинде қуўатлылығы 27 киловатт болған қуяш панеллери орнатылған.
Және бир итибарлы тәрепи, алдын мәмлекетимиздиң химия тараўында жеке меншик сектор болмаған. Бул кәрхана соңғы жыллары тараўға кирип келген исбилерменлик субъектлеринен бири.
Усы жерде кәрхана жумысын және де кеңейтиўге қаратылған жойбарлар ҳаққында да мағлыўмат берилди. Атап айтқанда, Түркияның “Orbak Metal Industry” компаниясы менен гидроген пероксиди ислеп шығарыў қуўатлылығын 45 мың тоннаға арттырыў, сондай-ақ, тутасқан аймақта азық-аўқат санааты жойбарын шөлкемлестириў режелестирилген.
ӨзА