Усы күнлери Қазақстанның Алмаата қаласында “PowerExpo-2024”22-халықаралық көргизбеси болып өтпекте. Онда 500 ге шамалас компания энергетика, электротехника ҳәм қайта тиклениўши энергия дәреклерине байланыслы өнимлерди көрсетип атыр.
Әҳмийетлиси, көргизбеде биринши мәрте “Made in Uzbekistan” бренди астында «Өзэлтехсанаат» ассоциациясы системасындағы 15тен аслам кәрхана өзиниң 200 ге шамалас миллий өнимин көрсетип, көплеген бирге ислесиў келисимлерине ериспекте. Бул миллий брендлеримизди халықаралық базарларда таныстырыў, экспортты кеңейтиў ҳәм қоңсы мәмлекетлерде жаңа өндирис қуўатлықларын жаратыўға үлес қосады.
Ассоциация мәлимлеме хызметиниң мағлыўматына бола, быйылғы жылдың 9 айында электротехника санааты экспорты 880 миллион долларды қураған болып, 600 ден аслам өним дүньяның 72 мәмлекетине экспорт етилди. Соның ишинде, Қазақстан Республикасына жыл ақырына шекем 200 миллион долларлық өним экспорт етиў режелестирилмекте.
Бүгинги күнде Өзбекстанның электротехника өнимлери Қазақстандағы “Sulpak”, “Technodom”, “Demart”, “Halyk Market” ҳәм “TEEZ” сыяқлы саўда ҳәм интернет дүканлары арқалы сатылмақта.
Сондай-ақ, көргизбе шеңберинде В2В форматтағы ушырасыўлар ҳәм презентациялар да шөлкемлестирилип атыр.
Н.Зиёдуллаева, ӨзА