Пайтахтымызда Европа Аўқамы тәрепинен қаржыландырылған «Баслама: Өзбекстанда гендер теңликти үгит-нәсиятлаў ҳәм жас ҳаял-қызларды қоллап-қуўатлаў ушын медиа көнликпе» жойбарының рәсмий презентациясына бағышланған конференция болып өтти.
Әнжуманда ҳаял-қызлардың ҳуқықы ҳәм мәплериның қорғалыўы ушын елимизде жедел ис-ҳәрекет алып барылып атырғаны атап өтилди. Қабыл етилип атырған мәмлекетлик бағдарламалар арқалы ҳаял-қызлардың ҳуқықы ҳаққындағы нызам ҳүжжетлерин жетилистириў, ҳаял-қызлардың ҳуқықын қорғаўдың институционаллық тийкарын беккемлеў ҳәм халықтың гендер теңлиги бойынша хабардарлығын арттырыўға қаратылған әҳмийетли илажлар белгиленип, избе-из әмелге асырылмақта.
Ҳақыйқатында да, гендер теңлиги, яғный ер адамлар ҳәм ҳаял-қызлар теңлиги инсанның тийкарғы ҳуқықларынан бири болып есапланады. Соңғы изертлеўлер көрсетип атырғанындай, бул фактор ең жоқары дәрежедеги экономикалық, социаллық ҳәм сиясий раўажланыў тийкары болып табылады. Қалаберди, гендер теңлиги – мәмлекеттиң демократиялық раўажланыўы дәрежесин көрсететуғын индикатор. Илажда ЕАға ағза мәмлекетлер елшиханаларының жуўапкерлери, мәмлекетлик емес ҳәм коммерциялық емес, халықаралық ҳәм донор шөлкемлердиң ўәкиллери қатнасты.
Гендер теңлигин үгит-нәсиятлаўда медиа көзқарасты қәлиплестириў мақсетинде шөлкемлестирилген жойбар шеңберинде журналист ҳәм блогерлер, жаслар ҳәм ҳаял-қызлар ҳәм мәмлекетлик емес шөлкемлердиң хызметкерлери усы темада контент таярлаў, дезинформацияға қарсы гүресиў, тийисли илажлар өткериў бойынша тәжирийбе ҳәм маманлық арттырады.
– Жойбар тек ғана әҳмийетли темаларды сәўлелендириў емес, ал социаллық машқалаларды шешиўде де жедел қатнасатуғын жәмийетшиликти қәлиплестириўге үлес қосады, – дейди ЕАның Өзбекстандағы елшиси Тойво Клаар. – Соның менен бирге жәмийетте гендер теңликти тәмийинлеў, ҳаял-қызлардың ҳуқықы ҳәм мәплерин қорғаўға имканият жаратады.
Г.Сатторова, ӨзА