Мәмлекетимиздиң раўажланыўы жолында барлық тараўларда өз белсендилиги менен үлес қосып киятырған ҳаял-қызлардың тутқан орны айрықша. Әсиресе, олардың исбилерменликти раўажландырыўдағы белсендилиги ҳәр қандай мақтаўға ылайықлы. Бул бағдарда Президентимиз тәрепинен бир неше қарар ҳәм пәрманлар қабыл етилип, кең көлемли илажлар алып барылмақта.
Усы бағдардағы илажлардың даўамы ретинде исбилермен ҳаял-қызлардың искерлигинде ушырасып атырған системалы машқалаларды анықлаў, оларға нәтийжели шешим табыў мақсетинде пайтахтымыздағы Моно орайында илаж болып өтти. Онда Өзбекстан Республикасы Бас Министриниң орынбасары З.Маҳкамова, Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси баслығының орынбасары, Шаңарақ ҳәм ҳаял-қызлар комитети баслығы М.Ахмедова, Өзбекстан Саўда-санаат палатасының Қарақалпақстан Республикасы басқармасы баслығының Жаслар ҳәм ҳаял-қызлар исбилерменлигин раўажландырыӯ ислери бойынша орынбасары Н.Мамбетова, тараў ўәкиллери ҳәм исбилермен ҳаял-қызлар қатнасты.
Илажды шѳлкемлестириўден тийкарғы мақсет – Қарақалпақстанда исбилермен ҳаял-қызлардыӊ жумысын еле де қоллап-қуўатлаў ҳәм бизнес тараўын буннан былай да раўажландырыўдан ибарат.
Ушырасыў даўамында исбилермен хаял-қызлар ѳз жумысы менен байланыслы жаӊа бизнес жойбарларын әмелге асырыў бойынша пикир – усынысларын билдирди.
Қарақалпақстан хабар агентлиги