Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети «Судқа шекем санациялаўды мәмлекет тәрепинен жәрдем көрсеткен ҳалда өткериў тәртиби ҳаққындағы режени тастыйықлаў ҳаққында» қарар қабыл етти.

Оған муўапық, судқа шекем санациялаўды мәмлекет тәрепинен жәрдем көрсеткен ҳалда өткериў ҳаққындағы реже тастыйықланды.

Бул Реже Өзбекстан Республикасының «Төлемге қәбилетсизлик ҳаққында»ғы Нызамына муўапық төлемге қәбилетсизлик белгисине ийе болған кәрханаларды қаржылай саламатландырыў ҳәм олардың төлем қәбилетин тиклеў ушын судқа шекем санациялаўды мәмлекет тәрепинен жәрдем көрсеткен ҳалда өткериў мәселелерин тәртипке салады.

Режениң әмел етиўи Өзбекстан Республикасының «Аўыл хожалығы кәрханаларын санациялаў ҳаққында»ғы Нызамына муўапық әмелге асырылатуғын аўыл хожалығы кәрханаларын судқа шекем санациялаўға енгизилмейди.

Режеде:

судқа шекем санациялаўды мәмлекет тәрепинен жәрдем көрсеткен ҳалда өткериўдиң объекти, субъекти ҳәм өзине тән тәреплери;

судқа шекем санациялаўды мәмлекет тәрепинен жәрдем көрсеткен ҳалда өткериў ҳәм оның мониторингин жүргизиў;

кәрхананы судқа шекем санациялаў дәўиринде арнаўлы санация есапбетиниң ашылыўы ҳәм ислеў тәртиби;

судқа шекем санациялаўды мәмлекет тәрепинен жәрдем көрсеткен ҳалда өткериўди жуўмақлаў тәртиби белгилеп берилген.

Қарарға бола, кредиторларға төленетуғын төлемлердиң мүддетин кешиктириў ҳәм (яки) оны бөлип-бөлип төлеў яки қарызлардан шегирме бериў ҳаққында қарыздар ҳәм кредиторлар арасында келисимге ерисиўге қаратылған келисимлер, салық ҳәм басқа ўәкилликли уйымлардың қарарлары тийкарында кәрханаларды мәмлекет тәрепинен жәрдем көрсеткен ҳалда судқа шекем санациялаў Мәмлекетлик активлерди басқарыў агентлигиниң қарарына муўапық енгизиледи. Мәмлекет тәрепинен жәрдем көрсеткен ҳалда судқа шекем санациялаўды енгизиў хызметинен пайдаланыў ушын мәпдар шахслар яки олардың исенимли ўәкиллери тек ғана Мәмлекетлик хызметлер орайлары яки Өзбекстан Республикасы Бирден-бир интерактив мәмлекетлик хызметлер порталы арқалы мүрәжат етеди.

Режеге муўапық мәмлекетлик хызметлерди көрсетиў Мәмлекетлик хызметлери орайлары ҳәм БИМХП арқалы енгизилиўи тәмийинленеди, сондай-ақ, БИМХПда бул хызмет көрсетилиўиниң ҳәр бир басқышында мүрәжатлердиң көрип шығылыўын бақлап барыў имканиятлары жаратылады.

ӨзА