Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы А.Орынбаевтың басшылығында Өзбекстан Саўда-санаат палатасы Қарақалпақстан Республикасы басқармасында исбилерменлик жойбарларын қоллап-қуўатлаў ҳәм жаңа жойбарларды иске түсириўде ушырасып атырған машқалаларды анықлаў ҳәм оларды сапластырыў бойынша Нөкис қаласындағы исбилерменлер менен ушырасыў өткерилди.

Онда инвестициялық жойбарларды иске түсириў, локализациялаў бағдарламасына киргизилген ҳәм экспортёр кәрханаларға әмелий жәрдемлер көрсетиў, санаат өнимлерин ислеп шығарыўшы кәрханалардың толық қуўатлылықта ислеўин тәмийинлеў мәселелери талқыланды.

Ушырасыўда ҳәр қандай инвестициялық, өндирислик ҳәм санаатты раўажландырыў бойынша жойбарлар Президентимиз тәрепинен барқулла қоллап-қуўатланатуғынлығы Жоқарғы Кеңес Баслығы тәрепинен айрықша атап өтилип, исбилерменлик жумысын алып барыўда ушырасып атырған машқалалар бойынша пикир-усыныслар билдирилди.

Ушырасыў даўамында бүгинги күнде исбилерменлерди қыйнап киятырған машқалалар тыңланды ҳәм билдирилген мүрәжатлердиң басым көпшилигине орнында шешимин табыў илажлары көрилди. Ўақыт талап етилетуғын мүрәжатлер қадағалаўға алынып, тез пурсатта унамлы шешиў бойынша тийисли тараў басшыларына тапсырмалар берилди.

Қарақалпақстан хабар агентлиги