Албанияның Тирана қаласында спорт гүреслери бойынша өткерилген ересеклер арасындағы жәҳән чемпионатының екинши күнинде грек-рим гүреси бойынша Өзбекстан сайланды командасы ағзалары Жалғасбай Бердимуратов ҳәм Абдулло Алиевлер беллесиўлерге түсти.
Шерек финалда өз қарсыласларына жеңилип қалған палўанларымыз, медальлар ушын гүресиў имканиятын бериўши беллесиўде қатнасып, Жалғасбай Бердимуратов әзербайжанлы Гурбан Гурбановқа 0:5, Абдулла Алиев армениялы Хайк Меликьянға 0:9 есабында жеңилип қалды.
Адилбай Оразов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы