Нөкис районындағы “Тақыркөл” аўыл пуқаралар жыйынында Арқа-батыс әскерий округи ҳәм район ҳәкимлигиниң шөлкемлестириўи менен “Биз бир болсақ бир халықпыз, бирлессек-Ўатанбыз!” сүрени астында әскерий Ўатансүйиўшилик фестивалы болып өтти.

Онда округке қараслы әскерий бөлимлерде хызмет етип атырған әскерлер тәрепинен қол урысы ҳәм ҳүрметли қараўылдың сап тартып шығыўлары илажға жоқары кейпият бағышлады. Ал, әскерий оркестр тәрепинен өзбек ҳәм қарақалпақ тиллеринде атқарылған қосық ҳәм намалар жаслардың Ўатанға деген сүйиспеншилигин арттырды.

Кешеде аўыл халқы әскерий хызметкерлерге өз миннетдаршылықларын билдирип, аймақ жаслары әскерий хызметкерлер менен шын кеўилден сәўбетлести.

Илаж соңында, фестиваль қатнасыўшыларына көшпели инфо мобил арқалы Қураллы күшлеримиз, соның ишинде, Арқа-батыс әскерий округи турмысын сәўлелендириўши видеороликлер қойып берилди.

Өткерилген бундай илажлар жасларды Ўатансүйиўшилик руўхында тәрбиялаў, оларда ана Ўатанға садықлық сезимлерин арттырыўда әҳмийетли орын тутады, деп ойлаймыз.

Қарақалпақстан хабар агентлиги