Жоқары суд баслығының биринши орынбасары И.Муслимов ҳәм Кадрлар басқармасының баслығы М.Мухитдинов Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетиниң болажақ ҳуқықтаныўшы студентлери менен ушырасты.

Бул ушырасыў Жоқары суд ҳәм Қарақалпақ мәмлекетлик университети арасындағы юридикалық кадрларды таярлаў тараўындағы өз-ара бирге ислесиў ҳаққындағы меморандумның орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде шөлкемлестирилди.

Суд-ҳуқық системасында әмелге асырылып атырған кең көлемли реформаларды үгит-нәсиялаўға айрықша итибар қаратылған ушырасыўда тек ғана перспективалы режелер емес, ал Жоқары суд ҳәм Қарақалпақ мәмлекетлик университети арасындағы әмелий бирге ислесиў нәтийжесинде ерисилген табыслар да айрықша атап өтилди.

Атап өтилгениндей, суд аппараты хызметкерлериниң жәмийеттеги социаллық статусын ҳәм абырай-мәртебесин арттырыў ҳәм судларда ең мүнәсип ҳәм жоқары маман кадрлар корпусын қәлиплестириў системасын түп тийкарынан реформалаў жолындағы ең тийкарғы ўазыйпалардан бири болып табылады.

Бундай мақсетлерге ерисиў ушын кадрлар менен ислесиў ҳәм олардың билими, маманлығы ҳәм жумыс сапасын және де арттырыўға айрықша итибар қаратылмақта. Әлбетте, судларда исшеңлик орталығын жаратыў менен бир қатарда хызметкерлердиң дүньяға көзқарасы, руўхыйлығы, кәсиплик әдеп-икрамлылығы да әҳмийетке ийе.

Бул бағдарда Жоқары суд жанында шөлкемлестирилген «Болажақ суд хызметкерлери» клубына университет студентлерин жедел тартыў ушын тийисли ҳуқықый орталық жаратылған. Тийкарында студентлер ҳеш қандай тосықларсыз клубқа ағза болып, сабақтан бос ўақытларында судларда танысыў әмелиятын өтеўи ҳәм болажақ кәсиплери бойынша жумыс үйрениўи ушын имканият жүзеге келди. Октябрь айы жағдайына бола университеттиң 74 студенти клубқа ағза болыў мақсетинде арза берген. Студентлердиң 49ы (66 процент) жынаят бағдарына, 20сы (27 процент) пуқаралық бағдарына ҳәм 5и (7 процент) экономикалық бағдарға қызығыўшылық билдирген. Бул студентлер белгиленген тәртипте судларға бириктириледи ҳәм әмелият өтеўи ушын барлық шараятлар жаратып бериледи.

Өткен жыл нәтийжелерине бола мыңнан аслам студент судларда жумыс үйренип, өзиниң әмелий көникпелерин және де раўажландырды. Бундай имканиятқа ийе болған студентлердиң 610ы Қарақалпақ мәмлекетлик университети жаслары екенлиги, әлбетте, қуўанышлы. Олар ҳәзирден-ақ судта ислеў тилегинде болып, келешекте өзин усы тараўдың жетик қәнигеси сыпатында көрип атырғаны да бул бағдарда алып барылып атырған избе-из ис-ҳәрекетлердиң әмелий нәтийжеси болып табылады. 2023-2024-оқыў жылы питкериўшилериниң 99ы суд уйымларының кадрлар резервине яки тийисли басқарыў лаўазымларына жумысқа қабыл етилди. 12 әмелдеги суд аппараты хызметкери болса Жоқары суд баслығының усыныс хаты тийкарында Қарақалпақ мәмлекетлик университетине оқыўға кирди.

Итибарлы тәрепи сонда, Жоқары суд басшылығы тәрепинен ҳәзирги ўақытта суд системасында ислеў тилегин билдирген умтылыўшаң ҳәм излениўшең студентлерге нызамшылыққа бола мийнет етиў, жумыс үйрениў ҳәм тәжирийбе арттырыў ушын барлық имканиятлар жаратып берилиўи тәмийинленеди.

Илажда қатнасқан студентлер суд системасындағы бос жумыс орынлары, хызметкерлер ушын жаратылған шараятлар, социаллық кепилликлер, жумысқа қабыл етиў тәртиби ҳәм талабанларға қойылатуғын талаплар ҳаққында толық мағлыўматқа ийе болды.

Қарақалпақстан хабар агентлиги