Өзбекстан Республикасын және де раўажландырыў бойынша қабыл етилген Ҳәрекетлер стратегиясы шеңберинде барлық тараў ҳәм тармақлар сыяқлы «Өзбекстан темир жоллары» акционерлик жәмийети системасындағы ири кәрханалардан бири болып есапланған «Қоңырат» локомотив депосында да кең көлемли жумыслар әмелге асырылмақта.
Дүзилгенине 50 жыл болған кәрхананың тийкарғы жумыс түри жолаўшы ҳәм халық хожалығы жүклерин тасыў, локомотивлерди ағымдағы оңлаў ҳәм оларға техникалық хызмет көрсетиўден ибарат. Ҳәзирги ўақытта ол «Өзбекстан темир жоллары» акционерлик жәмийетиндеги жүк айланысының тийкарғы бөлегин орынлап келмекте.
Кәрханада 9 ТЭ10М, 10 УзТЭ16М маркалы жүк ҳәм жолаўшы тасыўшы тепловоз, 3 ТЭП70БС маркалы жолаўшы тасыўшы тепловоз, 14 манёвр тепловозы, 10 ҳәр қыйлы маркадағы автотранспорт бар. Кәрханада тепловозларды ағымдағы оңлаў ҳәм техникалық тексериўден өткериў цехлары, сондай-ақ, жанылғы, автотормоз үскенелерин, электр аппаратларын, узел ҳәм агрегатларды оңлаў, өрт өшириў үскенелерин қайта толықтырыў, механика, аккумулятор цехлары ҳәм химиялық техникалық лабораториясы жумыс алып бармақта.
– Мәмлекетимиз басшысының басламасы менен елимизде енгизилген «Инсан қәдири – жоқары қәдирият» принципин қоллап-қуўатлаған ҳалда, темир жол системасында, атап айтқанда, хызметкерлер ушын қәўипсиз, қолайлы жумыс шараятларын жаратыў бойынша бир қатар жумыслар әмелге асырылмақта,-дейди «Қоңырат» локомотив депосы кәсиплик аўқамының баслығы Шавкат Ғанибоев. – Усы жылдың май-август айларында тепловозларды ағымдағы оңлаў, техникалық тексериўден өткериў әмелге асырылып, жәрдемши цехлар, химиялық техникалық лабораториясы толық капитал оңлаўдан шығарылып, қысқа мүддет ишинде пайдаланыўға тапсырылды. Қурылыс жумыслары даўамында жаңа ысытыў системасы орнатылып, 2600 кв.метр майданға ыссы пол жатқарылды. Жумысшы хызметкерлер ушын кийиниў ҳәм жуўыныў ханалары шөлкемлестирилди. «Жасыл мәкан» акциясы шеңберинде аймаққа 300 ден аслам нәл егилди.
Соңғы жыллары кәрхананың технологиялық процесслерин санластырыў дәрежесин және де арттырыў бойынша да бир қатар жумыслар әмелге асырылмақта. Депо нәўбетшилери, локомотив бригадаларына жумыс бөлистириўши, тезлик өлшеў ленталарын таллаўшы, химиялық техникалық лаборатория хызметкерлери толық заманагөй компьютер үскенелери менен тәмийинленип, санластырылған тәртипте жумыс алып бармақта.
Мәмлекетимиз басшысының 2020-жыл 30-октябрьдеги «Саламат турмыс тәризин кеңнен ен жайдырыў ҳәм ғалабалық спортты және де раўажландырыў илажлары ҳаққында»ғы пәрманы ҳәм «Өзбекстан темир жоллары» акционерлик жәмийети басқарма баслығы буйрығының орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде жумысшы хызметкерлердиң бос ўақытларында спорт пенен шуғылланыўы ушын жетерли шараятлар жаратып берилди. Ишки хызметкерлер ушын мини футбол майданшасы шөлкемлестирилген. Сондай-ақ, тренажёр зал, стол тенниси, шахмат, шашка менен шуғылланыўына барлық шараятлар жолға қойылған.
«Қоңырат» локомотив депосында тек ғана темир жол системасындағы емес, ал исбилерменлер менен юридикалық тәреплерге тийисли локомотивлерди оңлаў, оларға техникалық хызмет көрсетиў, тепловозларды ижараға бериў, ҳәр қыйлы электр двигательлерди оңлаў жумыслары әмелге асырылады.
Д.Абибуллаев.
Қарақалпақстан хабар агентлиги