Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев шарўашылық тараўын раўажландырыў, тараўда өз шешимин күтип турған мәселелер бойынша пикир-усынысларды тыңлаў мақсетинде, шарўашылық тараўы бойынша жумыс жүргизип атырған фермер хожалықлары басшылары менен ушырасты.

2022-жылы сырт еллерден 1263 бас, 2023-жылы 148 бас, быйылғы жылы 309 бас нәсилли шарўа маллары республикамызға алып келингенлигин атап өтиў керек.

Өткерилген ушырасыўда тийкарынан нәсилли шарўа малларды сырт еллерден алып келиўдеги машқалалар, қайсы мәмлекетлерден алып келинген шарўа маллары Қарақалпақстан шараятына бейимлесе  алатуғыны, шарўашылық ҳәм қусшылық тараўында қосымша имканиятларды жаратып, және де раўажландырыў ушын қандай илажларды белгилеп алыў керек екенлиги, жайлаўлар менен шарўа малларының суў менен тәмийинлениў дәрежеси, шарўа комплексин қурыўда инфраструктура менен тәмийинлеў ҳәм жер майданларын ажыратыўда жүзеге келип атырған машқалалар бойынша тараў хызметкерлери менен пикир алысылды.

Соның менен бирге, шарўа комплекси ушын салық жеңилликлериниң қайсы түрлеринен жеңиликлер берилиўи кереклиги, шарўашылық ушын кредит қаржыларын ажыратыў ҳәм от-жем базасын жаратыў мәселелери, ең баслысы халқымызды арзан, соның менен бирге, сапалы гөш ҳәм сүт өнимлери менен тәмийинлеў бағдарында әмелге асырылыўы тийис жумыслар бойынша сөйлесип алынды.




Ушырасыўда усы мақсетлерди әмелге асырыўда режелестирилип атырған стратегия бойынша шарўашылық фермер хожалықлары басшыларының пикир-усыныслары тыңланды.

Қарақалпақстан хабар агентлиги