Соңғы жылларда елимиз бойлап қала ҳәм аўыллардағы инфраструктураны, халықтың турмысын жақсылаў бағдарында әмелге асырылып атырған ири қурылыс ҳәм абаданластырыў жумыслары бүгинги күнде өз нәтийжесин бермекте. Әсиресе, бул нәрсе Мойнақ районында айқын көзге тасланбақта.
2024-жыл 29-октябрь күни Мойнаққа жаңа суў линиясының тартылыў жумысларына старт берилди
Жаңа суў линиясы 5 мың куб метр суў жеткериў ҳәм 1300 ден зыят хожалықты таза ишимлик суўы менен тәмийинлеў имканиятына ийе.
Жойбар Азия раўажландырыў банки есабынан қаржыландырылып, жойбар баҳасы 8,21 миллион доллардан ибарат.
– Жойбар тийкарында Мойнақ районындағы Қызылжар АПЖның Әлий аўылы, Ҳәким ата АПЖның Дослық аўылы, Мәдели АПЖның Шеге аўылы, Бозатаў АПЖның Әмиўдәрья, Қыпшақдәрья, Таллық аўыллары, Үшсай АПЖның Үшсай, Тоқпақ ата аўылларына ҳәм район орайындағы мәкан пуқаралар жыйынлары аймақларына «Түйе мойын» суў сақлағышынан ишимлик суўы жетип барады,-дейди «ArchiCO» Engineering компаниясы Техникалық директоры Назим Шеримов.
«ArchiCO» Engineering компаниясы Әзербайжан Республикасы компаниясы болып, Мойнақ районына жаңа суў линиясының тартылыў жумысларына жуўапкер кәрхана есапланады.
Бул реформалар Президентимиздиң «Азия раўажланыў банкиниң қатнасыўында «Өзбекстанның арқа бөлегинде ишимлик суўы тәмийнаты системаларын раўажландырыў» жойбарын әмелге асырыў илажлары ҳаққында»ғы ПҚ-4271-санлы қарары тийкарында әмелге асырылады.
Қарақалпақстан хабар агентлиги