Бүгин Нөкис қаласындағы IT-паркте “ATL Tech” компаниясының баслығы А.Алиевтиң басшылығында “Үскенелерге ҳәм техникалық хызмет көрсетиўди бақлаў ушын арналған программалық тәмийнаты”н Аймақлық электр тармақлары кәрханасы Қарақалпақстан Республикасы филиалына енгизиў бойынша “zoom” платформасы арқалы мәжилис өткерилди..

Мәжилис Өзбекстандағы ең ири кәрханалардың бири REAL SOFT IT  компаниясы тәрепинен шөлкемлестирилди.

Мәжилисте Санластырыў министрлиги Қарақалпақстан Республикасы секторының баслығы Тимур Байекеев алып барды ҳәм Қарақалпақстан Республикасы Аймақлық электр тармақлары кәрханасының бөлим баслығы Шавкат Холимбетов қатнасты.


Мәжилис даўамында Қарақалпақстан Республикасы Аймақлық электр тармақлары кәрханасы менен Әзербайжан Республикасының “ATL Tech”  компаниясы менен алдағы ўақытта бирге ислесиўлерди жолға қойыўға келисип алынды.

Қарақалпақстан хабар агентлиги