Экономика ҳәм қаржы министрлиги 2025-жыл ушын мәмлекетлик бюджет ҳәм салық сиясаты жойбарын жәриялады.
Бул мәлимлеме арқалы 2025-2027-жыллар ушын бюджет мөлшерлери ҳәм 2025-жыл ушын салық сиясаты жойбары менен танысыў мүмкин.
Бул ҳүжжет жойбарына бола, 2025-жыл 1-январьдан баслап жергиликли бюджет дәраматларын арттырыў мақсетинде юридикалық ҳәм физикалық тәреплердиң турақ жай ҳәм турақ жай емес көшпес мүлк объектлерине салынатуғын мүлк салығы ставкалары 10 процентке индексацияланбақта.
Онда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм халық депутатлары ўәлаятлар Кеңеслери тәрепинен турақ жай емес көшпес мүлк объектлери ушын белгиленген ең аз баҳаға районлардың экономикалық раўажланыўына қарап, 0,5 ке шеке азайтыўшы коеффициент қолланыў ҳуқықы сақлап қалынады.
Соның менен биргеликте юридикалық ҳәм физикалық тәреплерден алынатуғын жер салығының базалық ставкалары да орташа 10 процентке индексацияланбақта, деп мәлимлеме береди xabar.uz сайты.
Қарақалпақстан хабар агентлиги