2024-жыл 27-октябрь күни елимизде болып өткен Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Нызамшылық палатасы, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси, Халық депутатлары ўәлаятлық ҳәм Ташкент қалалық, районлық ҳәм қалалық Кеңеслерине сайлаўлар жоқары дәрежеде шөлкемлестирилди. Мәмлекетимиз тарийхында биринши мәрте аралас сайлаў системасы тийкарында өткен парламент сайлаўлары халықаралық бақлаўшылар тәрепинен де айрықша атап өтилди.
Әмелиятымызға аралас сайлаў системасының енгизилиўи сиясий партиялар арасындағы бәсекини күшейтип, жәмийетимиздеги демократиялық орталыққа жаңа қуўатлық бағышлағаны сайлаўалды үгит-нәсиялаў даўамында анық көринди. Сайлаўды 65 мыңнан аслам жергиликли бақлаўшылар, 850 ден артық сырт ел ҳәм халықаралық бақлаўшылар бақлап барды, 1 000 нан аслам жергиликли ҳәм ҒХҚ ўәкиллери кеңнен сәўлелендириўде қатнасты.
Усы жылдың 28-октябрь күни Орайлық сайлаў комиссиясы тәрепинен сайлаўдың дәслепки нәтийжелери жәрияланды. Соннан келип шығып, бүгин, 29-октябрь күни Орайлық сайлаў комиссиясының гезектеги мәжилиси болып өтти.
Мәжилисте Орайлық сайлаў комиссиясының Баслығы сайлаўда сайлаўшылар дизимине киргизилген сайлаўшылардың 74,72 проценти қатнасқаны ҳәм сайлаўда қатнасқан сиясий партиялардың ҳәр бири сайлаўда даўыс бериўде қатнасқан сайлаўшылардың жети процентинен көп даўыс топлағанын атап өтти. Сол себепли 2024-жыл 27-октябрьде өткерилген бирден-бир сайлаў округи бойынша Олий Мажлис Нызамшылық палатасына депутатлар сайлаўы өткен ҳәм ҳақыйқый деп табылды.
Сондай-ақ, мәжилисте аймақлық сайлаў комиссияларының сиясий партияларға берилген даўысларды анықлаў ҳаққындағы протоколларына тийкарланып бирден-бир сайлаў округи бойынша Олий Мажлис Нызамшылық палатасына сайлаў нәтийжелерин анықлаў ҳәм депутатлық мандатларын сиясий партиялар арасында бөлистириў ҳаққындағы мәселе көрип шығылды.
Орайлық сайлаў комиссиясы тәрепинен бирден-бир сайлаў округи бойынша Нызамшылық палатасына сайлаў нәтийжелери ҳәм депутатлық орынларын сиясий партиялар арасында бөлистириў Сайлаў кодексиниң 96/1-статьясына тийкарланып әмелге асырылды. Яғный сайлаўда қатнасқан сайлаўшылар даўысларының жети ҳәм оннан көбирек процентин алған барлық сиясий партияларға берилген даўыслар саны жетпис беске бөлинген ҳалда сайлаў коэффициенти анықланып, сиясий партиялар топлаған даўыслар саны сайлаў коэффициентине бөлинди.
Соннан келип шығып, бирден-бир сайлаў округи бойынша Нызамшылық палатасы сайлаўында депутатлық орынлары сиясий партиялар арасында төмендегише бөлистирилди: Исбилерменлер ҳәрекети – Өзбекстан Либерал-демократиялық партиясы – 26 депутатлық орны, Өзбекстан «Миллий тикланиш» демократиялық партиясы – 14 депутатлық орны, Өзбекстан Халық демократиялық партиясы – 13 депутатлық орны, Өзбекстан «Адолат» социал-демократиялық партиясы – 12 депутатлық орны, Өзбекстан Экологиялық партиясы – 10 депутатлық орны.
Мәжилисте жоқарыдағы бөлистириўге тийкарланып Орайлық сайлаў комиссиясының протоколы рәсмийлестирилип, қарар менен тастыйықланды.
Буннан тысқары, қарар менен депутатлық мандатлары бөлистирилген сиясий партиялар ҳәм партия дизими бойынша сайланған депутатларға хабарнамалар жибериў белгиленди.
Буннан соң, Орайлық сайлаў комиссиясы оларды Нызамшылық палатасының депутаты етип дизимге алады.
Муҳтарама Комилова,
ӨзА