Атызларда жетистирилген пахта зүрәәтиниң бир де ханасын зая етпей жыйнап алыў ҳәм де терим мапазында белсене қатнасып киятырған пуқаралардың мийнетин мүнәсип баҳалаў мақсетинде, Кегейли районы ҳәкимлиги ҳәм Өзбекстан мәҳәллелери ассоциациясы районлық бөлиминиң шөлкемлестириўи менен «Табыскер» фермер хожалығында «Ең шәпик теримши» жарысы өткерилди.
Жарысқа районның барлық аймақларынан ең шәпик қоллы 22 теримши қатнасып, олар тәрепинен бир күнде қырманға 5 тоннаға шамалас пахта тапсырылды.
Өткерилген жарыс жуўмағында, биринши орынды Гүжим терек мәкан пуқаралар жыйынынан 174 кг пахта терген Гүлназ Есжанова ийелеп, фермер тәрепинен заманагөй холодильник пенен сыйлықланды.
Екинши ҳәм үшинши орынларды болса, Дәрўазақум аўыл пуқаралар жыйынынан Рита Қәдирова ҳәм Роза Әдилбековалар ийелеп, шөлкемлестириўшилер тәрепинен Ҳүрмет жарлығы ҳәм естелик саўғалар менен сыйлықланды.
Сондай-ақ, жарыста пахта териминде белсендилик көрсеткен басқа да теримшилер естелик саўғалар менен сыйлықланды.
-Быйылғы жылы 58 гектар жерге шигит сеўип, оннан дийдиленгендей зүрәәт жетистирдик,-дейди «Табыскер» фермер хожалығының баслығы Бахтияр Толыбаев.-Бүгинги күнге шекем ел қырманына 140 тоннадан аслам пахта тапсырып, белгиленген режени артығы менен орынлаўға еристик. Алдағы ўақытлары да терим пәтин жаздырмастан және 40 тонна пахта тапсырамыз деп отырмыз. Буның ушын бизде барлық мүмкиншиликлер бар.
Пүткил республикамызда болғаны сыяқлы, Кегейли районында бундай жарыслар тез-тезден шөлкемлестирилип келинбекте. Бул болса, аўыл турғынларының пахта теримине деген қызығыўшылығын арттырып, терим пәтиниң жоқарылаўына өзиниң унамлы тәсирин тийгизбекте.
Адилбай Оразов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы