Қарақалпақстан Республикасы Денсаўлықты сақлаў министрлиги қурамындағы қалалық ҳәм районлық медицина бирлеспелеринде жумыс ислеўши патронаж акушеркалардың қатнасыўында “Патронаж акушерка – ҳаял саламатлығының таянышы” таңлаўының Қарақалпақстан Республикалық басқышы өткерилди.
Таңлаўға 14 номинацияда жәми 126 патронаж акушеркалар қатнасты.
Қарақалпақстан Республикасы Денсаўлықты сақлаў министрлиги тәрепинен дүзилген жумысшы топар тәрепинен емлеў профилактикалық мәкемелериниң, қалалық, районлық медицина бирлеспелериниң усыныс еткен талабанларының билим дәрежеси, кәсиплик тәжирийбеси, ерискен жетискенликлери, халыққа көрсетип атырған медициналық жәрдеминиң сапасы, халықтың медициналық мәдениятын арттырыў бойынша алып барып атырған жумыслары үйренип шығылды.
Соның менен бирге, халыққа көрсетип атырған медициналық жәрдеминиң сапасын баҳалайтуғын мағлыўматлары, фото альбомлары есапқа алынды ҳәм жуўмақлаўшы баҳа берилди. Таңлаўға қатнасқан акушеркалардың он төрти усы таңлаўдың Қарақалпақстан Республикалық басқышының жеңимпазлары деп табылды.
“Ең жақсы патронаж акушерка” номинациясы бойынша З.Файзуллаева (Шымбай РМБ), “Ең үлгили саламат шаңарақ ханасы” номинациясы бойынша З.Қурбаниязова (Тақыятас РМБ), “Ең жақсы универсал прогрессив модуль’” номинациясы бойынша Ү.Қурбаниязова (Шымбай РМБ), “Ең жақсы Беббо мобиль қосымшасы үгит-нәсиятлаўшысы” номинациясы бойынша С.Султанова (Беруний РМБ), “Ең белсенди саламат турмыс тәризи үгит-нәсиятлаўшысы» номинациясы бойынша Р.Ерназарова (Нөкис қалалық МБ), “Ана сүтин ең жақсы үгит-нәсиятлаўшы” номинациясы бойынша Ш.Раҳимова (Беруний РМБ), “Қәленбеген ҳәмиледарлықтың алдын алған ең жақсы патронаж акушерка” номинациясы бойынша Н.Қурбаниязова (Беруний РМБ), “Ең жақсы ҳаяллар мәсләҳәтханасы акушеркасы” номинациясы бойынша Б.Бишекова (Нөкис қалалық МБ), “Туўысқанлар арасында некелердиң алдын алған ең жақсы патронаж акушерка” номинациясы бойынша А.Маратова (Шымбай РМБ), “Өз аймағы халқын ардақлаған патронаж акушерка” номинациясы бойынша А.Сипатдинова (Шымбай РМБ), “Ең жақсы мәмиле мәдениятына ийе патронаж акушерка” номинациясы бойынша Г.Сағынбаева (Нөкис РМБ), “Аўыр жағдайда тез қарар қабыл еткен патронаж акушерка” номинациясы бойынша Ү.Бекимбетова (Хожели РМБ), “Мәҳәллениң ҳүрметине ийе болған патронаж акушерка” номинациясы бойынша М.Дәўлетбаева (Шоманай РМБ), “Туўыў ўақтында ең көп бирге ислескен патронаж акушерка” номинациясы бойынша Ж.Жаббаркуловалар жеңимпаз болды.
Қарақалпақстан хабар агентлиги