Төлемли-контракт қаржыларын төлеў мүддети 1-декабрге шекем созылды. Бул ҳаққында Жоқары билимлендириў, илим ҳәм инновациялар министрлиги мәлимлеме хызмети хабар берди.
Атап өтилгениндей, Мәмлекетлик комиссияның тийисли протоколы менен 2024-2025-оқыў жылында жоқары билимлендириў мәкемелериниң төмендеги бакалавриат ҳәм магистратура студентлери ушын төлемлерди әмелге асырыў ҳәм студентлер қатарына қабыллаўды рәсмийлестириўдиң мүддети 2024-жыл 1-декабрьге шекем (сол күни де) созылған.
Оған бола:
-Базалық яки дифференцияластырылған төлемли-контракт тийкарында оқыўды қәлеўши абитуриентлер (1-басқыш);
-ПП-213-санлы (31.08.2022 ж.) Пәрманы тийкарында қарақалпақстанлы жаслар ушын ажыратылған қосымша қабыллаў квоталарына студентликке усыныс етилген абитуриентлер (1-басқыш);
-оқыўы көширилген (көширип тиклеген) студентлер
Онда:
-қабыллаў параметри шеңберинде оқыўға усыныс етилген абитуриентлер базалық төлемли-контракт усылында бир жыллық оқытыў баҳасының кеминде 25 проценти муғдарында;
Дифференцияластырылған төлемли-контракт (супер) тийкарында оқыўды қәлеўшилер, олар ушын белгиленген бир жыллық оқытыў баҳасының кеминде 50 проценти муғдарындағы төлемлерди әмелге асырыў керек.
Қосымша етилгениндей, әмелдеги тәртипке бола, екинши ҳәм оннан жоқары басқыш студентлер контрактин төлеў мүддети Жоқары билимлендириў мәкемеси басшысы тәрепинен созылыўы мүмкин,- деп мәлимлеме береди xs.uz сайты.
Қарақалпақстан хабар агентлиги