Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев 25-октябрь күни Европада қәўипсизлик ҳәм бирге ислесиў шөлкеминиң Демократиялық институтлар ҳәм инсан ҳуқықлары бойынша бюросы (ЕҚБШ ДИИҲБ) парламент сайлаўын бақлаў бойынша миссиясы басшысы Дуглас Уэйкти қабыллады.
Ушырасыўда мәмлекетимизде болып өтетуғын парламент сайлаўына таярлық көриў ҳәм оны өткериў мәселелери бойынша толық пикир алысты.
Өзбекстан менен ЕҚБШ ҳәм оның институтлары арасында ашық ҳәм нәтийжели сөйлесиў орнатылғаны, атап айтқанда, бюро менен үнемли бирге ислесиў жолға қойылғаны миннетдаршылық пенен атап өтилди.
Болып өтетуғын парламент сайлаўына таярлық көриў шеңберинде ДИИҲБ бақлаўшылары миссиясы белсенди ислеп атырғаны жоқары баҳаланды. Бюро экспертлери миллий сайлаў системасын жетилистириў процесинде қатнасты. Олар билдирген пикир – усыныслардың көпшилиги инабатқа алынып, мәмлекетимиз нызамшылығына енгизилди.
ДИИҲБ ўәкили миссия жумысына көрсетилип атырған итибар ушын қызғын миннетдаршылық билдирди ҳәм Жаңа Өзбекстанда әмелге асырылып атырған демократиялық өзгерислер ҳәм социаллық-экономикалық реформаларды қоллап-қуўатлайтуғынын билдирди.
Усы реттеги сайлаў биринши рет жаңаланған Өзбекстан Республикасы Конституциясының парламент ҳәм жергиликли ўәкиллик уйымларының ролин күшейтиўди нәзерде тутыўшы қағыйдалары тийкарында аралас сайлаў системасы бойынша өткерилип атырғаны айрықша атап өтилди.
ӨзА